Социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды қаржыландырыў әмелияты енгизиледи

2025-жыл 29-августта «Басламалы бюджет процесслерин жетилистириў шеңберинде халық ўәкиллери ҳәм сайлаўшылар арасында бирге ислесиўди күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Әдиллик министрлигинен хабар бериўинше, қарарға муўапық, Нызамшылық палатасында “Басламалы бюджет” процесслерин муўапықластырыў, жойбарлардың әмелге асырылыўы үстинен парламентлик қадағалаўды алып барыў ушын 11 депутаттан ибарат парламентлик комиссия шөлкемлестириледи.
2026-жыл 1-январьдан депутатлар ҳәр жылы “Басламалы бюджет” процесслеринде тийисли сайлаў округлеринде жеңимпаз болмаған жойбарлар арасынан халықтың күнделикли турмысы ҳәм аймақтың раўажланыўына тәсир ететуғын еки жойбарды (ҳәр мәўсимде биреўден) “Ашық бюджет” мәлимлеме порталында таңлайды.
Бул таңлаў жойбарды республикалық бюджеттен қаржыландырыў ушын тийкар болып есапланады.
Бул процесслерде жеңимпаз болмаған жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир депутатқа 1 жылда 2 мәўсимге БЕМниң 8 мың есеси муғдарында қаржы ҳәр жыллық республикалық бюджетте нәзерде тутылады.
2026-жыл 1-февральдан “Басламалы бюджет” процесслеринде социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды халық ҳәм мәмлекет арасында шериклик тийкарында қаржыландырыў әмелияты енгизиледи.
Интакер халық тәрепинен жойбарлар баҳасының 50 проценти ықтыярлы түрде қаржыландырылғанда жойбарлар жеңимпаз деп табылады ҳәм қалған 50 проценти республикалық бюджеттен қаржыландырылады.
Н.Абдураимова,
ӨзА