Өзбекстан жоқары әскерий билимлендириў мәкемелеринде курсантлар ант қабыллады

132

1-сентябрь күни Қорғаныў министрлиги жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине усы жылы оқыўға қабыл етилген биринши басқыш курсантларының салтанатлы “Ўатанға ант” илажлары болып өтти.

Бул ҳаққында Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти хабар берди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетинде усы мәкемеге жаңадан қабыл етилген курсантлар Ўатанға ант қабыл етти.

Салтанатлы илажда қорғаныў министри генерал-лейтенант Шуҳрат Холмуҳамедов, Қорғаныў министрлиги Жәмийетлик кеңесиниң ағзалары, әскерий хызметкерлер, ата-аналар ҳәм курсантлар қатнасты. Шығып сөйлегенлер курсантларды ана Ўатанды қорғаўдай мақтанышлы кәсипти ийелеў жолындағы дәслепки қәдемлери менен қутлықлады.


Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Қурғақлықтағы әскерлер институтында да курсантлар Ўатанға ант бериў ушын сап тартты.

Соның менен бирге, Әскерий авиация институты, Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институты ҳәм Әскерий медицина институтында да “Ўатанға ант” салтанатлары жоқары дәрежеде өткерилди.


Институтларда өткерилген мәресимлерде кең жәмийетшилик ўәкиллери елимизде әскерий хызметкерлер ушын жаратылып атырған шараятлар, оларды социаллық қорғаў жолындағы реформалар ҳаққында айтып, ҳәммениң оқыў ҳәм алдағы хызметлерине табыслар тиледи.

Курсантлар мәмлекетимиздиң муқаддес нышаны болған байрақты сүйип, уллы бабаларымыздың руўхлары, Ўатан алдындағы миннетин ҳадал орынлаўға бел байлап, ҳүжданы, ар-намысы ҳәм абырайын ортаға қойып, Өзбекстан Республикасына, халқына ҳәм Президентине өмир бойы садық болыўға, ҳәр қандай машақатлы сынақ ҳәм қыйыншылықларда да ел-журтының жоқары исенимин ақлаўға жақынлары ҳәм кең жәмийетшиликтиң гүўалығында салтанатлы түрде ант етти.

ӨзА