ШБШ саммитинде барлық жетекшилер Глобал басқарыў басламасын қоллап-қуўатлады

Тяньцзинь қаласында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитинде қатнасқан барлық мәмлекет басшылары Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин тәрепинен алға қойылған Глобал басқарыў басламасын қоллап-қуўатлады, деди Шын мәмлекети сыртқы ислер министри Ван И.
– Бул баслама саммиттиң ең әҳмийетли ўақыясы болды, – деди лаўазымлы шахс баспасөз әнжуманында. – Ушырасыўда қатнасқан барлық жетекшилер тәрепинен қоллап-қуўатланған бул қарарға халықаралық жәмийетшилик те әҳмийетли мүнәсибет билдирмекте.
ШБШ+ форматындағы кеңейтилген мәжилисте Си Цзиньпин халықаралық ҳуқық нормасына әмел етиў, көп тәреплеме принципти қоллап-қуўатлаў, еки жақлама стандарттан ўаз кешиўди нәзерде тутатуғын глобал басқарыўда аймағы ҳәм қудиретине қарамастан, барлық мәмлекетлер тең қатнасыўын тәмийинлейтуғын, бес бәнттен ибарат жойбарды алға қойды.
Бизге белгили, 31-август – 1-сентябрь күнлери Қытайдың Тяньцзинь қаласында болып өткен, ШБШ тарийхындағы ең ири илаж сыпатында баҳаланып атырған гезектеги самитте 20 дан аслам сырт мәмлекет басшылары, соның ишинде, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев та қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы әнжуманда, дәстүрге муўапық, глобал көлемде әҳмийетли бир қатар басламаларды алға қойды, дүнья жетекшилери менен ушырасыўлар өткерди. 2001-жылы шөлкемлестирилген бул халықаралық шөлкемге Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Пакистан, Өзбекстан ҳәм Беларусь киреди. Аўғанстан ҳәм Монголия бақлаўшы, Сөйлесиў бойынша бирге ислесиўши мәмлекетлер: Әзербайжан, Армения, Баҳрейн, Египет, Камбоджа, Қатар, Кувейт, Мальдив атаўлары, Мяньма, Непал, Бирлескен Араб Әмирликлери, Саудия Арабстаны, Түркия ҳәм Шриланка болса сөйлесиў бойынша бирге ислесиўши мәмлекетлер есапланады.
С.Раҳимов, ӨзА