Трамп өзиниң өлими ҳаққындағы мыш-мышқа биринши мәрте түсиник берди

АҚШ Президенти Дональд Трамп денсаўлығында аўыр машқала пайда болғаны ҳаққында хабар тарқалыўы мүнәсибети менен социаллық тармақ бети арқалы ҳәзирги ўақытта өзин ҳәр қашанғыдан жақсы сезип атырғанын айтты.
– Өмирим даўамында ҳеш қашан өзимди буншелли жақсы сезбегенмен, – деп жазған ол.
Бизге белгили, шемби күни азанда Батыс социаллық медиа минберлеринде Америка жетекшисиниң итималлы өлими ҳаққында гәп тарқалды.
Оған вице-президент Жей Ди Вэнстиң “79 жасар басшысына бир нәрсе болса, мәмлекет басшысы ўазыйпасын атқарыўға таяр екенлиги” атап өтилген сөзлери себеп болды.
Кейинирек “Axios” журналисти Барак Равид Ақ үйдеги жоқары мәртебели рәсмийдиң билдириўине сүйенип, Трамптың денсаўлығы жақсы екенин жазды.
ӨзА