Елимиз мектеплери оқыўшылары ҳәм устаз-тәрбияшыларына

212

Қәдирли перзентлерим!

Ҳүрметли устаз ҳәм тәрбияшылар!

Ҳүрметли ата-аналар!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди елимиздеги 10 мыңнан аслам мектеплерде Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына үнлес ҳалда өтип атырған Билимлер күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Усы қуўанышлы әййямда «Биринши қоңыраў»лар жаңлаўы астында биринши мәрте мектеп босағасына қәдем қойып атырған 720 мыңнан аслам ул-қызларымыз ҳәм ақлықларымызды, олардың ата –аналарын айрықша қутлықлап, өзимниң жақсы тилеклеримди билдириўден жүдә миннетдарман.

Соңғы жыллары пүткил елимиз сыяқлы мектеплеримиз көриниси пүткиллей өзгерип, олар шын мәнисинде Жаңа Өзбекстан тымсалына айланып баратырғаны бәршемизди шексиз қуўандырады. Себеби мектеп қәншелли абад ҳәм Себеби, мектеп қаншелли абат ҳәм жарқын болса, жәмйиетлик турмыс соншелли абадан, илимли ҳәм мазмунлы болатуғынына гүман жоқ.

Усы мәнисте, елимизде тәлим-тәрбия процесслери барған сайын жетилистирилип атырғаны, ҳәр жылы көплеген жаңа оқыў орынлары қурылып атырғаны, олардың материаллық-техникалық базасы беккемленип, мектеп жумысы улыўмахалықлық ҳәрекетке айланғаны – соңғы  дәўирде ерискен ең үлкен жетискенликлеримизден бири, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Шынында да, көзлери илимге ҳәўес ҳәм толқынланып жайнап турған сиздей күш-ғайратлы жасларымызға раўажланыў ҳәм жетилисиў, бахыт есиклерин ашып беретуғын муқаддес дәргай – мектеплеримиздиң раўажланыўында биз халқымыз, миллетимиздиң жарқын келешегин көремиз. Бүгинги күнде өз алдымызға қойып атырған үлкен-үлкен мақсетлерге ерисиўдиң тийкарғы факторын, бас гилтин, бәринен бурын, билимлендириўде, мектеплеримизде, деп билемиз.

Соңғы жыллары оқыўшы жасларымыз ҳүрметли устаз ҳәм тәрбияшылары менен биргеликте мине, усындай жоқары итибарды терең сезинип, оқыўда, дөретиўшиликте, спортта, жәмийетлик жумысларда әҳмийетли жеңислерди қолға киргизип атырғаны бизге, әлбетте, қосымша күш-ғайрат, илҳам ҳәм исеним бағышлайды.

Көплеген мектеп питкериўшилери елимиздеги абырайлы жоқары оқыў орынлары менен бирге сырт елдеги жетекши университетлерге жоқары балл менен оқыўға кирип атырғаны, турмыста өзиниң мүнәсип орнын таўып, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына үлкен үлес қосып атырғаны турмысымызда мектептиң, устаз-тәрбияшылардың әҳмийети және де артып атырғанын көрсетеди.

Сиз, әзизлер, әне усындай ийгиликли дәстүрлерди мүнәсип даўам еттиресиз ҳәм жоқары басқышқа көтересиз, деп исенемен.

Ҳеш қашан умытпаң, мектеп – бул әжайыбат, китап, устазлар өтетуғын ҳәр бир сабақ – шексиз ғәзийне.

Алдыңызға анық мақсет қойып, бар күш-ғайратыңыз, билим ҳәм қәбилетиңиз бенен ҳәрекет етсеңиз, гөзлеген шеклерге әлбетте жетесиз.

Бул жолда сизлерге саў-саламатлық, табыс ҳәм жеңислер тилеймен.

Жаңа оқыў жылы бәршеңизге мүбәрек болсын!

 

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти