Билимлендириў — халқымызды жоқары шеклерге жеткериўши  қүдиретли күш

168

Билимлендириў — бул жәмийетти раўажландырыўдың ең тийкарғы бағдары, халқымызды жоқары шеклерге жеткериўши ең қүдиретли күш болып табылады.

Соңғы жыллары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар мәмлекетимиздиң ертеңги айдын келешегин жаратыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгинги күни мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларына өзиниң дәслепки қәдемлерин таслап атырған оқыўшы ҳәм студентлердиң жүзлеринде ертеңги күнимизди, халқымыздың уллы арзыў-нийетлери, Ўатанымыздың жарқын келешегин көремиз.

Сонлықтан билимлендириў дәргайларында оқып атырған жасларымызды илимге бағдарлаў, олардың кеўиллеринде ийгиликли мақсетлерди оятыў, Ўатанға садықлық ҳәм пидайылық туйғыларын беккемлеў бүгинги күни ҳәммемиз ушын даңқлы, әйне пайытта оғада жуўапкерли ўазыйпа болып табылады.

Нөкис қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатында  «2-сентябрь — Билимлер күни» мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳад Эрманов шығып сөйлеп, мектеп жәмәәтин Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы, 2-сентябр —Билимлер күни байрамы менен республика ҳүкимети атынан қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўына қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўды кең түрде атап өтти. Соның ишинде ҳүрметли Журтбасшымыздың Қарақалпақстанға деген итибары ҳәм ғамқорлығының нәтийжесинде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерди, қарақалпақстанлы оқыўшылардың республикалық ҳәм халықаралық олимпиадаларда қолға киргизип атырған табысларын айрықша тилге алды.

Байрам кешесинде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды жүзеге асырыўда өзлериниң пидайылықларын көрсетип, оқыўшылары жоқары нәтийжелерди қолға киргизип киятырған бир қатар тәжирийбели муғаллимлерге Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

-Быйылғы оқыў жылында мектебимизге анық ҳәм тәбийғый пәнлер бағдары бойынша 120 оқыўшы қабылланды,-дейди усы мектеп директоры Марат Ибрайымов.-Мектебимизде оқыўшылардың заман талабына сай тәлим алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, мектебимизде алыс районлардан келген оқыўшылардың сапалы билим алыўы ҳәм жасаўы ушын арнаўлы жатақхана шөлкемлестирилген. Соның менен бирге, оқыўшылардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын қосымша пән дөгереклери, спорт секциялары ислеп тур. Бул әлбетте, оқыўшыларымыздың өзлери қызыққан пәнлер бойынша озық ойлы, терең билимге ийе жаслар болып жетилисиўине айрықша хызмет атқарады.

Илаж мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Соңынан мектепте «Дәслепки қоңыраў» қағылып, оқыўшылар жаңа оқыў жылын баслап жиберди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы