Мектеплерде дәслепки сабақлар басланды

192

Бүгин, 2-сентябрь күни, мәмлекетимизде 2025-2026-оқыў жылы басланды. Усы мүнәсибет пенен пүткил Өзбекстан бойлап билимлендириў мәкемелеринде «Билимлер күни» кеңнен белгиленбекте. Нөкис қаласында да бул қутлы сәне мүнәсип түрде белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, академик Ахмед Реймов Нөкис қаласындағы Президент мектебинде өткерилген байрам илажында қатнасты. Илажда жас әўладқа илим ҳәм ағартыўшылықтың шексиз әҳмийети, жаңа оқыў жылында олар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында пикир билдирилди. А.Реймов оқыўшы-жасларды заманагөй билимлерди ийелеў, ана Ўатанға садық ҳәм кәмил инсан болып камалға келиўге шақырды. Сондай-ақ, ол ата-аналар ҳәм устазларды да жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, оларға табыслар тиледи.

Усы күни И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде де жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Нуриллан Ерлепесов ҳәм Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигиниң Президент мектеплери менен ислесиў басқармасының бас қәнигеси Жаҳонгир Исмайлов қатнасып, оқыўшы ҳәм педагогларды жаңа оқыў жылы ҳәм Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы менен қутлықлады.

Илажда мектеп директоры Р.Ташимов та шығып сөйлеп, өткен оқыў жылында ерисилген жетискенликлерге тоқтап өтти ҳәм жаңа оқыў жылында барлық оқыўшыларға әўмет ҳәм жоқары нәтийжелер тиледи.

Усы тәризде Нөкис қаласындағы мектеплерде «Билимлер күни» көтериңки руўхта белгиленип, жаңа оқыў жылы басланды.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы