Робот ШБШ мәмлекетлериниң тығыз бирге ислесиўи күшейиўин күтпекте

ШБШ саммити баспасөз орайында Сяо Хэ атлы робот жумыс алып бармақта. Темир адамның аты “хэцзо” сөзинен алынган, бирге ислесиў мәнисин анлатады. Қурылма рус, қытай ҳәм инглис тиллеринде саммитке байланыслы ҳәр қандай тема бойынша мағлыўмат бере алады.
– Тяньцзин саммити ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиўин беккемлеўге жәрдем береди, – деп Сяо Хэниң сөзлерин келтирген РИА Новости.
– Әнжуманда әҳмийетли регионаллық ҳәм глобаллық мәселелер додаланады. Атап айтқанда, экономикалық, сиясий ҳәм мәдений байланыслардың көлемин кеңейтиўге қаратылған қарарлар қабыл етиледи, қәўипсизлик, терроризмге қарсы гүресиў, санлы экономика ҳәм турақлы раўажланыўға байланыслы әҳмийетли темалар да көтериледи.
Робот-эксперттиң атап өтиўинше, “саммит регионда турақлылық ҳәм абаданлық жолында сөйлесиў арқалы биргеликте зәрүр шешимлер табыў имканиятын да жаратады”.
М.Пирматова, ӨзА