Инсаныйлық ҳәм мәнаўияттың жарқын көриниси

Мүнәсибет
Президентимиздиң басшылығында соңғы жылларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар инсан мәплерин, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, демократиялық қәдириятларды беккемлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Жәмийетте әдиллик ҳәм нызамлылық үстин болыўы, ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепиллениўи бүгинги реформалардың тийкарғы бағдарын белгилеп бермекте.
Ғәрезсизлик жыллары даўамында елимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, пуқаралардың мүнәсип турмыс кешириўи ушын барлық шараятларды жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Бул бағдарда нызам үстинлиги, инсаныйлық, демократия принциплери избе-из турмысқа енгизилип, халқымыздың мәмлекетке болған исеними барған сайын беккемленбекте.
Усы мәнисте, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамы қарсаңында қол қойылған “Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында”ғы пәрман елимизде алып барылып атырған инсаныйлық сиясатының әмелий көриниси болды.
Усы пәрман менен 523 шахс әпиў етилди. Бул қарар тек ғана айыбын түсинип, жаңадан дурыс турмысқа қәдем қойыўға умтылған шахслар ушын емес, ал олардың шаңарақ ағзалары, перзентлери ушын да үмит ҳәм қуўаныш бағышлады. Президентимиздиң бундай ийгиликли басламалары адамгершилик, кеширимлилик ҳәм елимизде әмел етип атырған әдил мәмлекетлик сиясаттың тымсалы сыпатында әҳмийетке ийе.
Әпиў етиў – бул жынаятты ақлаў емес, ал ислеген қәтесин аңлап, дүзелиў жолына кирген шахсларға екинши имканият бериў демек. Бул процесс жәмийетимизде кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимлилик сыяқлы жоқары инсаныйлық пазыйлетлерди буннан былай да жоқарылатыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, әпиў етилген пуқаралардың жәмийетке қайтыўы, мүнәсип турмыс кешириў ҳәм елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыўы ушын жаңа имканият есигин ашады.
Пәрманның әҳмийетли тәрепи сонда, ол инсан тәғдирине байланыслы мәселелерде мәмлекеттиң қаншелли мийрим-шәпәәтли ҳәм адамгершиликли көзқарасларға сүйенип атырғанын айқын көрсетеди. Әпиў етилген шахслар ушын жынаят жолында емес, ал ҳадал мийнет етиў, билим алыў ҳәм ийгиликли ислер менен шуғылланыўдың және бир имканияты жаратылмақта. Бул болса, бәршемизге үлкен сабақ – өмирде дурыс жолдан барыў, ислеген қәтеликлеримизден дурыс жуўмақ шығарыў зәрүрлигин кѳрсетеди.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, ғәрезсизлик – бул халқымыз ушын тек ғана тарийхый жетискенлик емес, ал инсаныйлық ҳәм әдилликке тийкарланған демократиялық мәмлекет қурыў имканияты болып есапланады. Президентимиз тәрепинен қол қойылған бул әпиў етиў пәрманы бүгинги күнде мәмлекетимизде болып атырған реформалардың инсан мәплерине хызмет етип атырғанын айқын дәлилледи.
523 инсанның тәғдирине нур ҳәм үмит киргизген бул пәрман тек ғана олардың турмысында емес, ал пүткил жәмийетимизде де жаңа руўхый орталық жаратыўға хызмет етеди. Себеби, кеширимлилик ҳәм екинши имканият бериў – ҳәр қандай жәмийеттиң руўхый жоқарылығынан дерек береди.
Полат Реймов,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги