«Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары» спорт жарысларының жеңимпазлары сыйлықланды

96

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы байрам қарсаӊында Нөкис қаласындағы Жаслар майданында «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болған спортшыларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жас спортшыларды ҳәм барлық қатнасыўшыларды Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Бул жарыс тек ғана жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў емес, ал олардың ерк-ықрары ҳәм спорт шеберлигин және де раўажландырыўға хызмет етти.

Сыйлықлаў мәресиминен соң көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң қатнасыўында жаслар ушын гала-концерт бағдарламасы қойып берилди. Сондай-ақ, Нөкис халқы ҳәм мийманлар ушын салют шоу ҳәм ДЖ шоу шөлкемлестирилди. Ҳәр қыйлы реңлер менен жарқыраған салютлар, заманагөй музыка ҳәм көтериңки кейпиятта өткен бағдарлама барлық қатнасыўшылар ушын умытылмас тәсирлерди қалдырды.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

Автордың түсирген сүўретлери