«Жаслар орайы» имараты пайдаланыўға тапсырылды

120

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы алдынан Нөкис қаласы «Халықлар дослығы» мәҳәллесиндеги «Дослық» каналы бойында заманагөй «Жаслар орайы» имараты пайдаланыўға тапсырылды.


Орайдың қурылысы ҳәм үскенелениўи Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджети ҳәм Жаслар ислери агентлиги қаржылары есабынан тең үлеслерде (50/50) қаржыландырылды. Жойбардың улыўма баҳасы 5 миллиард сумды қурайды.
Улыўма майданы 2 857 кв.м болған орайдың биринши қабатында «Book cafe», «Заковат» клубы, шашка ҳәм шахмат дөгереклери, шет тиллери, IТ ҳәм робототехника бағдарлары бойынша оқыўлар, ҳәр қыйлы пәнлер ҳәм инклюзив кәсиплик билимлендириў дөгереклери, сондай-ақ, коворкинг орайы жайласқан. Екинши қабатта болса хызметкерлер ушын ханалар ҳәм киши мәжилислер залы бар.


Орайдың ашылыўы мүнәсибети менен 29-30-август күнлери Өзбекстан Шахмат федерациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң 2025-жылғы календарь режеси шеңберинде «Нөкис жазы» атамасында шахмат турнири шөлкемлестирилди.


Жарыс 7 турден ибарат болып, онда 10 район (қала) дан 7 жастан 70 жасқа шекемги 70 қатнасыўшы – балалар, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты. Сондай-ақ, орайда «Қарақалпақстан ъРеспубликасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы кубоги» жарысының финал басқышы да өткерилди. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жасларды қутлықлады ҳәм жаңа орайдың жумысы олардың билим алыўы, жеке потенциалы ҳәм қәбилетин раўажландырыўда үлкен имканиятлар жарататуғынын атап өтти.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери