Өзбекстан халықлар дослығы ҳәм  тынышлықтың ўатаны

195

«Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!»

Арқасында Қаратерең көлим бар, Қубласында «Аққуў» атлы үйим бар

Қара үй қарақалпақ халқының ата-бабаларынан мийрас болып киятырған миллий жасаў үйи, имараты, шаңарағы. Арадан нешше жыллар өтсе де, қаншадан-қанша зәўлим ҳәм көркем имаратларда жасаў мүмкиншилиги туўылса да  халқымызға қәдирдан болған бул үй  еле де  пайдаланыўдан шетке шығып қалған емес. Қыста жыллы, жазда салқын болған ата-бабаларымыздың бул муқаддес үйи бүгинги күнде де уста өнерментлеримиз тәрепинен исленип, даңқы дүньяға тарқалып келинбекте. Әсиресе,  пайтахтымыздың қубла тәрепинен  қәд көтерген қара үй символындағы «Аққуў комплекси» бүгин ҳәр бир жерлесимиздиң мақтанышына айланған. Қашанлардур бизиң қара үйимиздиң ең үлкен етип ислениўи ҳәм оның  Гиннестиң рекордлар китабына  киретуғынын ҳеш ким ойлап та, болжап та көрмеген болса керек десек. Туўысқан халықлардың миллийлигин билдирип, олардың үрп-әдет дәстүрлерине ҳүрмет белгиси ретинде  безелген қара үйлерди көргенимизде бизиң елимизде ҳүр түрли миллет ўәкиллериниң тыныш-татыўлықта жасап атырғанлығынан кеўлиң қуўанышқа толады.  Өзине тән көркемлик таратып турған қара үйлер комплексинде  ҳәр қыйлы рәсмий илажлардың  өткерилип келиниўи ҳәм онда қатнасқан  сырт елли мийманлардың миллийлигимизге ҳүрмети асып, миннетларшылық сезимлерин билдиргенлигиниң гүўасы болып атырмыз.  Усы жылдың 5-апрель күни  бул жерде өткерилген   «Арал мәденият саммити» ине  Европа мәмлекетлериниң ҳәм елимиздиң көркем өнер, мәденият тараўының белгили қәнигелери, сиясатшылар, қоршаған орталықты қорғаў бойынша  экспертлер, художниклер, дизайнерлер ҳәм эколог илимпазлар қатнасқан еди. Саммитке қатнасқан  Уллы Британиялы жазыўшы ҳәм журналист Филип Моган менен сәўбетлескенимизде;

– Бул Қарақалпақстанға үшинши мәрте сапарым. Алдын Мойнақ районында да болғанман ҳәм бул үлке маған оғада унап қалды.  Мениң кәсибим аграр тараўы менен байланыслы болғанлықтан климат өзгериўине байланыслы ҳәр бир мәселе ҳәм машқала оғада әҳмийетли деп ойлайман. Өзимниң Аралға болған мухаббатым жәмленген «Айтылмаған әңгимелер» атлы китабымды да баспадан шығарғанман. Аймақта жасларға қаратылған итибарды көрип оғада қуўандым.  Әсиресе, социал тармақлар арқалы Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген «Аққуў комплекси» н көриў менде үлкен қызығыўшылық оятқан еди. Мине бул жерди өз көзим менен көрип қуўанып атырман. Жүдә әжайып, жүдә гөззал. Тил менен тәрийплеў қыйын.

Бурын  Савицкий атындағы көркем өнер музейимизге сырт еллерден мийманлар көплеп келетуғын болса, енди Президентимиздиң  2024-жыл 9-февралдағы «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық  раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша республикамыздың барлық орынларында алып барылып атырған кең көлемли реформалар тийкарында туристлик орынлар, саўлатлы объектлер көбейип, исбилерменлик субъектлери артпақта.  Яғный,  Филип Моган сыяқлы сырт елден келген мийманларға республикамыздың әжайып орынларын көрсетиў имканиятлары кеңеймекте. Республикамызда туризм тараўы раўажланбақта, миллий мийрасларды тиклеў ҳәм дүньяға танытыўда көлемли жумыслар алып барылмақта.

«Арқасында ақ сазанлы Аралым, Қубласында шөккен нардай Қаратаў», деп халқымыздың  сүйикли шайыры И.Юсуповтың туўылған жердиң гөззаллығын тәрийплегениндей бүгин жәннет мәкан журтымыз және де гөззал көринислер менен байымақта. Тахтакөпирдиң Бөршитаў етегиндеги Қаратерең комплексиндеги жаратлыған туристлик орай ҳәм ондағы қатар дизилген қараүйлер бүгин тек ғана халқымыз ушын емес ал, туристлерде де үлкен қызығыўшылық оятапқта.

                       Қарақалпақстан  раўажланыдың жаңа  басқышларында

Соңғы жыллары елимизде инфраструктуралық өзгерислер, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған жойбарлар ҳәм қурылыс, билимлендириў, медицина, өндирис, қулласы ҳәр бир тараўда раўажланыўлар, өз алдына атап өтетуғындай жаңалықлар жүз бермекте. Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Қарақалпақстанда үлкен жаңаланыўлар, көплеген өзгерислер әмелге асырылмақта.  Мәҳәллелердеги инфраструктура менен байланыслы машқалаларға шешим табылыўы, мүтәж пуқараларға жәрдемлер көрсетилиўи, исбилерменлерге кең имканиятлардың жаратылыўы менен халықтың абадан  турмыста жасаўына тийкар болмақта. Елимизде әмелге асырылған ең ири жойбарлардың екеўи Қарақалпақстанда алып барылғаны халқымызға мақтаныш сезимлерин бағышламақта. Бул жойбарлардың бири «Әмиўдәрья» дәрьясы үстине қурылған, автомобиль ҳәм темир жол көпири болса, екиншиси елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны болып есапланады. Қысқа ўақыт ишинде әмелий жумыслар алып барылып, «Аспантай» АПЖ «Порлытаў» елаты аймағынан өтип турған «Әмиўдарья» дәрьясына понтон көпири қурып берилип, пайдаланыўға тапсырылыўы халқымызға қолайлы шараятлар жаратыўда хызмет етпекте.

«Исбилерменликти Қарақалпақстаннан баслаў керек» деген Президентимиздиң сөзи бүгин қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын өзине деген исеним, жигер бағышлап атыр десек асыра айтқан болмаймыз. Журтбасшымыздың исбилерменлер ушын имканиятлар жаратыўы, әсиресе олар ушын  салық жеңилликлериниң  енгизилиўи бүгин жергиликли исбилерменлерде миннетдаршылық сезимлерин сезинемиз.

-Банктен жеңиллетилген кредит алып жумыс баслағанымызға алты жыл болды. Оннан аслам  адам жумыс пенен тәмийинленген. Тийкарынан буйыртпа бойынша қапы ислеп шығарамыз. Сондай-ақ, базардағы саўда орынларына да өнимлеримизди шығарамыз. Ҳәр қыйлы усылдағы қапыларды ислеп шығарып атырған болсақ, соңғы  модадағы хайтек формасындағы қапыларға халықтың қызығыўшылығы күшли болмақта. Елимизде исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлардан кеўлимиз тоқ. Бул жеңилликлер бизлерге жумысларымыздың және де раўажланыўына имканиятлар жартапақта,-дейди кәрхананың ис жүргизиўшиси  Рашид Жумамбетов.

Сырт еллерден инвестиция киргизип, елимиздиң экспорт потенициалын арттырыўға үлес қосып атырған Корея пуқарасы болған Ли Инжаеның  Өзбекстанда жасап, исбилерменлик пенен шуғылланып киятырғанына 20 жылдан асты. Республикамыздағы биринши инвестор болған ол бул тыныш татыўлықта жасап атырған елимиз ҳаққында былай дейди;

-Қуяшлы Өзбекстан халықлар дослығының, тынышлықтың ўатаны. Бул журт мениң екинши ўатаным. Ҳәзир шаңарағымыз бенен биргеликте боян тамыр экспорты менен шуғылланып келмектемиз. Исбилерменлер ушын жаратылған имканиятлардан миннетдармыз. Бул имканиятлар исбилерменлердиң жумысының раўажланыўына хызмет етеди,-дейди ол.

Қарақалпақстанда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, қолайлы агробизнес орталығын жаратыў, инсан капиталын раўажландырыў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў бойынша кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта. Бунда әлбетте, соңғы жыллары мәмлекетимиз Президенти тәрепинен регионда жүзеге келген социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды сапластырыўға қаратылып атырған айрықша итибар, аймақты раўажландырыў мақсетинде қабыл етилип атырған бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың орны бар. Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған ири реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаўға байланыслы пәрманы тийкарында Нөкис қаласы орайында үлкен инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде улыўма 78 миллион АҚШ доллары инвестиция қаржылары есабынан заманагөй архитектуралық талапларға жуўап беретуғын бес жулдызлы мийманхана ҳәм конгресс-холл комплекси қурылмақта. Сондай-ақ, 22 қабатлы еки турақ жай имараты ҳәм көп тармақлы саўда комплексиниң қурылысы да режелестирилген болып, ҳәзир жедел пәтлерде алып барылмақта. Жойбар қала инфраструктурасын жаңалаў, туристлик потенциалды арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жергиликли бизнестиң раўажланыўына үлкен түртки бериўи күтилмекте. Бул комплекс Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық раўажланыўында жаңа басқышты баслап беретуғыны сөзсиз. Буннан да басқа республикамыздың барлық орынларында қурылыс ислери жеделлик пенен алып бырылып, елимиз Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да  жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып республикамызда бир неше жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў жумыслары исленди ҳәм даўам етпекте. Бул бағдарда Қарақалпақстанда 21 мың турақ жай  оңланып, 709 турақ жай жаңадан қурып берилиўи нәзерде тутылған.

-Жайымыз тозыўы жетип, авариялық аўҳалға келип қалған еди.  Президентимиздиң жәрдеми менен турақ жайымыз жаңадан қурып питкерилип берилди,-дейди Мойнақ районында жасаўшы Марва Жубандыкова мәмлекетимизде алып барылып атырған ғамқорлық  ушын миннетдаршылық сезимлерин билдирип.

Жылдың ең әҳмийетли экономикалық илажларының бири болған Ташкент халықаралық инвестициялық форум шеңбериндеги сессияда Президент Админстрациясы баслығы Саида Мирзиёева да “Boston Consulting Group” компаниясы менен биргеликте Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылғанын мәлим етти.

Президент Админстрациясы баслығы Саида Мирзиёева өз сөзинде Қарақалпақстанның келешеги миллий тийкарғы ўазыйпалардан бири екенин атап өтти ҳәм бул тек ғана режелер дүзиў емес, ал анық ҳәрекетлерди әмелге асырыў бойынша жумыс алып барылып атырғанына итибар қаратты. Сондай-ақ, Қарақалпақстанда көплеген машқалалар бар екенлиги, әсиресе денсаўлықты сақлаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм билимлендириў тараўында өз шешимин күтип турған мәселелер бар екенлиги ҳәм соның менен бирге оғада үлкен имканиятлар да бар екенлигин атап өткен еди.

Климат шараяты аўыр болыўына қарамастан, өзинде  бий тәкирар тәбийғый гөззаллық ҳәм туризм ушын ҳақыйқый имканиятларды жәмлегенин, регионда бар имканиятлар көлемин тереңирек аңлаў ушын инвесторлар келип, Қарақалпақстанның үлкен потенциалын өз көзлери менен көриўге ҳәм бул имканиятлардың гүўасы болыўға және бул имканиятлар көлемин баҳалаўға мирәт ететуғынын айтып өткенлиги  еди. Бундағы мақсет  тек ғана инвестиция алып келиў емес, ал киргизилген инвестицияның жергиликли халыққа жәрдем бериўи, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўы ҳәм жаслар ушын айдын келешек жаратыўға исеним пайда етиўи халқымыздың айдын келешекке және де исенимин арттырып, усы журт, усы ел ушын хызмет етип жасаўға күш -жигер бағышламақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августта  қабыл етилген  “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы қарарының қабыл етилиўи менен республикамыз халқы ушын және де  қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм инфраструктураны жақсылаў, заманагөй көзқараслар тийкарында қаржы хызметлерин  көрсетиў көлемин кеңейтиў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мәселелериниң енгизилиўи күтилмекте. Бул қарар халқымыз ушын және имканиятлар дерегин кеңейтип, тараўларда және де раўажалыныўлар, өзгерислер әмелге асырылыўы күтилмекте.  Қарарда  2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди, атап айтқанда жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 процентке жеткериў,  санаат өндирисиниң көлемин 5-6 процентке,  базар хызметлери көлемин 15-17 процентке жеткерилиў белгиленген болып,  Қарақалпақстан Республикасын 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша стратегия 5 жыллық толық бағдарлама тийкарында әмелге асырылады.  Атап айтқанда усы қарар талаплары бойынша узынлығы 97 км болған Қоңырат-Мойнақ магистрал суў тармағының қурылыўы, Қарақалпақстанда 328,1 км жергиликли автомобиль жолларының  капитал оңланыўы ҳәм  Президентимиздиң 2023-жыл 10-октябрьдеги «Жол хожалығы тараўын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 330-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында жергиликли әҳмийетке ийе автомобиль жолларын капитал оңлаў жойбары әмелге асырылыўы белгиленген. Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (АИИБ) қатнасыўында қаржыландырылып атырған жойбардың улыўма баҳасы 106,3 млн. долларды қурайды. Жойбар шеңберинде Қанлыкөл, Кегейли, Тахтакөпир, Шоманай, Әмиўдәрья, Беруний, Нөкис, Қараөзек, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында улыўма пайдаланыўдағы жергиликли әҳмийетке ийе 328,1 км узынлықтағы оңлаўға мүтәж автомобиль жолларын капитал оңлаў нәзерде тутылған. Бул баслама Қарақалпақстан аймағында транспорт инфраструктурасын жақсылаў, халықтың ҳәрекет имканиятларын кеңейтиў ҳәм экономикалық белсендиликти арттырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, Нөкис қаласынан Тахтакөпир районына алып барыўшы «D-234» Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 59 км бөлегин оңлаў жумысларын баслаў ушын 15 млрд. сум қаржы ажыратылыўы белгиленгенген болып, ҳәзирги ўақытта қызғын жумыслар алып барылмақта.

Сондай-ақ, алыс аймақлардың бири болған Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланбақта. Президентимиздиң қарары тийкарында  Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийинаты системаларын раўажландырыў» жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген.

Буның ушын 8,2 млн. АҚШ доллары муғдарындағы қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде «Archico» ЖШЖ (Әзербайжан) компаниясы тәрепинен Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийинатын жақсылаўға қаратылған қурылыс жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының ески, таў ҳәм дәрья бойы аймақларында жаңа туристлик маршрутлар мәнзилли бағдарлама тийкарында жолға қойылыўы белгиленген болып, Хожели районы аймағындағы «Миздакхан» археология-архитектура комплекси, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағындағы «Шайх Жалил баба» зыярат орны, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағындағы «Әмиў-қаратаў» дем алыў комплекси зәрүр инфраструктура менен тәмийинлениў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, онда туристлик комплекслерди зәрүр инфраструктуралар менен тәмийинлеў ушын 25 миллиард сум қаржы ажыратылыў режелестирилген.

Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен пайтахтымызда қурылған IT орайы имаратының тапсырылыўы ҳәм ол жерде бүгинги заман технологиясын үйрениў ушын жаратылған имканиятлар арадан көп ўақыт өтпей өз жемисин бермекте. Жақында ғана Ташкент қаласындағы «Жаңа Өзбекстан бағы»нда «Жаңа Өзбекстан ушын» Гиннестиң рекордын орнатыў мақсетинде 2000 қәбилетли студент -жасларымыз 25 минут даўамында конструктор робот жыйнап Өзбекстанның атын және бир мәрте рекордлар китабына жазды.1946 жас 1946 роботты жыйнап, өз алдына қойылған ўазыйпаны табыслы орынлады. Олардың арасында 141 Қарақалпақстанлы студент жаслар болып, жасларымыз 100 процентлик нәтийжени көрсетти.

Халқымыздың денсаўлығын сақлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар бойынша жақсы нәтийжелерге ерисилмекте. Жаңа медициналық имаратлар қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылмақта. Барлық медициналық мәкемелер санластырыў системасына өткерилип, заманагөй шараятлар жаратылмақта. Халыққа бийпул медициналық хызмет, оларды дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда ажыратылған койкаларда бийпул емлениў жақсы жолға қойылған. Жақында ғана байрам алдынан Шоманай районы «Мәденият» МПЖ аймағында көп тармақлы орайлық поликлиниканың тапсырылыўы жергиликли пуқаралар үлкен жаңалық болды.

Сондай-ақ, быйыл жоқары оқыў орынларына тапсырған жаслар ушын қосымша квоталар берилиўи күтилмекте. Билдимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде қаншадан-қанша жасларымыз халықаралық ҳәм миллий сертификатларға ийе болып, раўажланған мәмлекетлердиң абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға кирмекте. Булардың бәри елимиздеги тынышлық, тоқшылық ҳәм елимиз Президентиниң әдил сиясаты арқалы әмелге асырылмақта.

Бүгин елимизде  үлкен байрам. Көп миллетли Өзбекстан халқы «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астында елимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығын мүнәсип күтип алмақта. Елимизде мийнет етиў, оқыў, илим, билим алыў ушын барлық шараятлар жаратылған. Тек ғана сол имканиятлардан орынлы пайдаланып, елимиздиң раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосыў биз ушын талап етиледи. Бул болса, ҳәр биримиздиң Ўатан алдындындағы перзентлик ўазыйпамыз. Әлбетте, бул өз елин, Ўатанын сүйетуғын ҳәр бир инсанның қолынан келеди.

Байрам мүбәрек болсын әзийзлер.

Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги