«Китапқумарлар ушырасыўы» болып өтти

113

Жаслар орайында жаслар мәнаўияты ҳәм әдебиятына бағышланған «Китапқумарлар ушырасыўы» илажы болып өтти. Онда республика бойлап белсенди китапқумар жаслар қатнасты.


Илаждың тийкарғы мийманы – «Мутолаа» жойбарының менеджери Ҳурлиман Полатовна болып, ол Жаслар ислери агентлигиниң бул басламасы ҳаққында толық мағлыўмат берди. Спикер «Мутолаа» шеңбериндеги жаңа китаплардың презентациясын өткерип, жасларды китап оқыўға кеңирек тартыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берди.


Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларына китаплар ҳәм аудиокитаплардан пайдаланыў имканиятын беретуғын арнаўлы премиум бийпул карточкалар тарқатылды. Әсиресе, қосымшадағы қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар жасларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Ушырасыў дослық ҳәм дөретиўшилик руўхында өтти. Жаслар бир-бири менен пикир алысып, китапқумарлық мәдениятын арттырыў жолларын додалады. Сондай-ақ, қызықлы сораў-жуўаплар да шөлкемлестирилди.

Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери