Халқымыздың ең үлкен қүдирети – мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм аўызбиршиликте

217

Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен “Жаңа Өзбекстан” бағында байрам салтанаты болып өтти.

Миллий өзлик, руўхый қәдириятлар ҳәм шын мәнисинде инсан тәғдирине ҳүрметти сәўлелендиретуғын реформалардың артында ғәрезсизлик түсиниги сәўлеленеди.

“Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” сүрениниң мәниси де әйне, усы мақсетлерди өзинде жәмлегени менен ажыралып турады. Бүгин Ўатан ушын ер ҳәм ҳаял, миллет ушын кексе ҳәм жас, халық ушын басшыдан хызметкерге шекем садықлық пенен хызмет ететуғын күнлер келди.

Ҳәр бир аймақтың  ҳәр қарыс жерин жасыллыққа бөлеў, ана топыраққа меҳир менен қатнаста болыў, тамшыларға бағларды жайластырыў мақсетлери кеўиллерге сиңип бармақта. Сол арқалы Ғәрезсизлик ел бирлиги менен және де көркем түрге енип атырғанының гүўасы боламыз.

Президент Шавкат Мирзиёев пүткил халқымызды, сырт елдеги ўатанласларымызды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық даңқлы сәнеси менен қутлықлады.

– Бүгин, мине усы уллы әййям күнлеринде ҳәммемиз бир турмыслық ҳақыйқатты терең сезинбектемиз. Жаңа Өзбекстан идеясы тийкарында баслаған үлкен реформаларымыз себепли ғәрезсизлик берген ҳуқық ҳәм еркинликлерди ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысында терең сезинип, бул имканиятлардан кеңнен пайдаланбақта. Әне, усы уллы идея тийкарында биз үш мың жыллық бай тарийхымыз ҳәм мәдениятымызды қайта аңладық. Елимиз жериндеги Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәстүрлерин раўажландырып, Үшинши Ренессансқа қарай исенимли әмелий қәдемлер тасламақтамыз.

Бул жолда Жаңа Өзбекстан мәмлекети, Жаңа Өзбекстан жәмийети уллы тарийхымызды жаңа – және де жоқары Ояныў дәўири менен байланыстыратуғын беккем көпир болып хызмет ететуғынына исенемен, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ғәрезсизлик, бәринен бурын, күшли экономика менен беккем. Усы мәниде, Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде көплеген әҳмийетли нәтийжелер айтып өтилди.

Дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, мәмлекетимиз экономикасы 6 проценттен жоқары пәтлерде турақлы өспекте. Кейинги сегиз жылда жалпы ишки өним 2 есеге артып, өткен жылы 115 миллиард долларға, экспорт көлеми 26 миллиард долларға жеткен. Жыл жуўмағы менен жалпы ишки өнимимиз 130 миллиард доллар болыўы күтилмекте. Мәмлекетимиздиң алтын-валюта резервлери биринши мәрте 48 миллиард доллардан асқан. Кейинги сегиз жылда елимизге дерлик 130 миллиард доллар сырт ел инвестициялары кирип келген.

Халқымыздың көз алдында мыңлаған заманагөй кәрханалар, социаллық-экономикалық инфраструктура объектлери бой тиклемекте. Усы жылы жәми 35 миллиард доллар инвестиция есабынан 9 мыңға шамалас жаңа кәрхана, хызмет көрсетиў комплекслери қурылады.

Өткен дәўирде тек ғана киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейген. Бүгин бул тармақта 10 миллионнан аслам халық мийнет етип, дәрамат таппақта.

Жыл басынан берли 5 миллион халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Усы жылдың өзинде сырт елде жумыс ислеп атырған 700 мың пуқара елимизге, өз шаңарағы қушағына қайтты.

Өзбекстан дүньяға кеңнен ашылғанының нәтийжесинде сырт ел туристлериниң саны өткен жылы 10 миллион адамнан, туризм хызметлериниң экспорты болса 3 миллиард доллардан артты.

Экономиканың раўажланыўы, халықтың көбейиўи менен қәўипсиз ҳәм турақлы энергия ресурсларына талап артпақта. Соның ушын “жасыл” энергия үлесин арттырыў бойынша мисли көрилмеген қәдемлер қойылды.

Нәтийжеде электр ислеп шығарыў қуўатлылықлары 2016-жылдағы 59 миллиард киловатт-сааттан 85 миллиард киловатт-саатқа жетти, келеси жылы бул 97 миллиард киловатт-сааттан асламды қурайды.

Усы жылдың өзинде 6,5 миллиард киловатт-саат “жасыл” энергия ислеп шығарылды. Ең әҳмийетлиси, жәми генерация қуўатлықларында “жасыл” энергияның үлеси 30 процентке жетти. 2030-жылға шекем және 35 миллиард доллар тиккелей инвестиция есабынан “жасыл” энергияның үлесин 54 процентке алып шығыў режелестирилген.

Социаллық тараўлар да раўажландырылып, халықтың турмыс шараятлары жақсыланбақта. Кейинги сегиз жылда елимизде дерлик 12 мың көп қабатлы турақ жай қурылды. Усы жылы “Жаңа Өзбекстан” ҳәм басқа да массивлерде және мың квартиралы заманагөй турақ жайлар қурылып, халыққа тапсырылады.

Социаллық қорғаў сиясаты мүтәж инсанларға мәдет болмақта. “Бирге ислесиў бағдарламасы”на муўапық, ата-ана меҳринен айырылған 11 мың баланың билимлендириў, кәсип-өнер, спорт системасына қамтып алынғаны әҳмийетли нәтийже болды. Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 2,5 миллионнан аслам ағзаларына 110 түрдеги жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиў жолға қойылды.Булардың барлығы өз нәтийжесин берип, елимизде кәмбағаллық дәрежеси 6,8 процентке түсти.

Сапалы билимлендириў ҳәм халықтың саламатлығы – келешектеги раўажланыўды шешиўши ең әҳмийетли мәселе. Усы мақсетте кейинги сегиз жылда жеке меншик сектор менен биргеликте бақшалардағы орынлардың саны 2,5 миллионға, қамтып алыўы болса 78 процентке жеткерилди. Мектеплерде қосымша 1 миллион оқыўшы орны жаратылды. Жоқары билимлендириўде қамтып алыў 9 проценттен 42 процентке артты.

Кейинги жыллары медицина ушын ажыратылып атырған қаржылар 6 есеге арттырылды, сапалы медициналық хызметлер мәҳәллеге шекем түсирилди. Жоқары технологиялық әмелиятлардың 400 ден асламы ўәлаят ҳәм районлардың өзинде әмелге асырылмақта. Халықтың турмыс шараятларының жақсыланып барыўы нәтийжесинде орташа өмир сүриў дәрежеси 73,8 жастан 75,1 жасқа созылғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз ул-қызлары санаат, илим, мәденият ҳәм спортта үлкен жетискенликлерге ерисип атырғаны атап өтилди. Оларды тән алып, Президентимиз пүткил Өзбекстан жасларына қарата былай деди:

“Әзиз перзентлерим, бәрқулла есте сақлаң: бахыт – умтылғандики, жеңис – гүрескендики! Келешекти мәртлер, тарийхты жеңимпазлар жаратады. Бәрқулла алға қарай умтылың, баҳадыр улларым, ақыллы қызларым! Сизлердиң ийгиликли ислериңизде Ўатан, халық, Президент бәршеңизге ҳәмийше исенимли таяныш ҳәм сүйениш болады!”.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде геосиясий жағдайға да тоқтап өтти. Өзбекстанның ҳаўазы регионаллық ҳәм халықаралық майданда барған сайын бәлент жаңлап атырғаны, елимизде көплеген абырайлы саммитлер өтип атырғаны атап өтилди. Усы жерде Өзбекстанның сыртқы сиясат бағдарындағы позициясы және бир мәрте атап өтилди.

Президентимиз байрамда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң елшилерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин қызғын қутлықлап, нәтийжели бирге ислесиў ушын миннетдаршылық билдирди.

Сөзиниң жуўмағында Шавкат Мирзиёев елимиздеги өзгерислер даўам еттирилетуғынын атап өтип, халқымызды бирликке ҳәм пидайылыққа шақырды.

– Биз ҳәммемиз бир халық, бир мәмлекет, бир шаңарақпыз! Ҳәммемиздиң тәғдиримиз, келешегимиз, бахытымыз ҳәм табысымыз да бирден-бир ҳәм улыўмалық. Ҳәр бир ўатанласымыз турмыстың өзи алдымызға қойып атырған өткир талапларды терең түсинип, жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында шын кеўилден хызмет етеди, деп исенемен, – деди Президент.

Буннан соң байрам салтанаты үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти. Нама-қосықларда халқымыздың бай көркем өнери ҳәм қәдириятлары, бүгинги шүкиршилик сезими ҳәм келешектеги арзыў-нийетлери сәўлелендирилди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы