Малайзия компаниясы Өзбекстанда қурғақлық портын қурыў бойынша жойбарды әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирмекте

134

Өзбекстанның Малайзиядағы елшиси Каромиддин Гадоев Mutiara Perlis Sdn Bhd компаниясы директорлар кеңесиниң атқарыўшы баслығы Шабаруддин Иброҳим менен ушырасыў өткерди.

Онда тәреплер Өзбекстанды Қубла-Шығыс Азия менен байланыстыратуғын транспорт коридорларын жетилистириў перспективалары ҳәм жаңа жөнелислерди ашыў имканиятларын додалады. Атап айтқанда, регионда сыртқы саўда айланысын арттырыўға сезилерли дәрежеде үлес қосатуғын “Қашғар – Торугарт – Макмал – Жалал-абад – Әндижан” темир жолы ҳәм Трансаўған автомобиль жолы жойбарларының үлкен әҳмийети атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң транзит потенциалы ҳәм Малайзия компаниясының қурылыс тараўындағы көп жыллық тәжирийбесин есапқа алып, Әндижан ўәлаятында қурғақлық портларын қурыў жойбарларын әмелге асырыў перспективаларына итибар қаратылды. Малайзия компаниясының ўәкили Өзбекстанда бундай жойбарға қызығыўшылық билдирип, бирге ислесиў имканиятларын көрип шығыўға таяр екенин билдирди.

Mutiara Perlis Sdn Bhd компаниясы 2018-жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген болып, Малайзия, соның ишинде Перлис штатында ири логистика ҳәм энергетика жойбарларын әмелге асырады.

Азиза Алимова таярлады, ӨзА