Өзбекстан-БАӘ: “Тәбийғый газден пайдаланыўды басқарыўдың санлы системасын енгизиў” жойбары енгизиледи

Мәмлекетимизде газ тәмийнаты системасын санластырыў ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында нәтийжелилигин арттырыў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы көзқарастан, “Ҳудудгазтамъинот” АЖда Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Esyasoft Holding” компаниясының ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда инвестиция ҳәм санлы шешимлерди енгизиў бойынша бирге ислесиў имканиятлары додаланды. Тийкарғы итибар газ бөлистириў ҳәм тутыныў системасындағы шығынларды азайтыў ҳәм операциялардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылды.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, “Esyasoft Holding” компаниясы жасалма интеллект тийкарындағы санлы шешимлерди энергетика ҳәм коммуналлық хожалық инфраструктурасына, электр ҳәм газ бөлистириў тармақларына кеңнен енгизип киятырған ири компаниялардан бири болып есапланады.
Компания Өзбекстанда әмелге асырылатуғын жойбарларға инвестиция киргизиўди режелестирмекте. Дәслепки басқышта “Ҳудудгазтамъинот” АЖ системасында “Тәбийғый газден пайдаланыўды басқарыўдың санлы системасын енгизиў” жойбары таныстырылды. Жойбар республика бойынша тәбийғый газдиң бөлистирилиўи ҳәм тутыныўын анық есапқа алыў, сондай-ақ, шығынларды сезилерли азайтыў имканиятын береди. Жойбар шеңберинде орта басымлы қубырлар заманагөй есаплаў үскенелери менен тәмийинленеди ҳәм газ бөлистириў тармақларының электрон картасы жаратылады.
Компания есап-санақларына бола, жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде коммерциялық ҳәм техникалық шығынлар 70-80 процентке азайыўы, газ есабында 99,8 процент анықлыққа ерисилиўи, системаның операциялық қәрежетлери 25 процентке қысқарыўы ҳәм авариялық жағдайларда оператив илажлар көриў тезлиги 60 процентке артыўы нәзерде тутылған.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер усыныс етилген технологиялық шешимлерди сынақтан өткериў ҳәм жойбар бойынша техникалық-экономикалық тийкар ислеп шығыў мақсетинде биргеликтеги жумысшы топар дүзиўге келисип алды.
ӨзА