Реклама бериўдиң тәртип қағыйдалары қандай?

Бүгинги күнде мәлимлеме майданында реклама жәмийеттиң ажыралмас бөлегине айланды. Ол өним ҳәм хызметлердиң базарда танылыўы, бәсеки орталығының раўажланыўы ушын хызмет етеди. Бирақ реклама арқалы пуқаралардың ҳуқықлары, информацияға болған исеними ямаса мәмлекетлик илажлардың әҳмийети бузылмаўы да оғада әҳмийетли.
Пуқаралардан келип түскен Телевидение ҳәм радиодағы рекламаларда нелер қадаған етиледи?
Темаға байланыслы сораўға Бәсеки комитетиниң бөлим баслығы Шерзод Маҳамадалиев жуўап берди:
– Телевидение ҳәм радиодағы реклама талаплары Өзбекстан Республикасының 2022-жылдағы “Реклама ҳаққында”ғы Нызамының 27-28-статьяларында белгилеп қойылған.
Телевидение көрсетиўлеринде берилетуғын рекламаларда реклама жайластырыў мақсетинде мәмлекетлик илажлар ҳәм мәресимлердиң көрсетилиўин үзип қойыў, реклама ҳәм реклама ҳаққындағы анонс, соның ишинде, телебағдарлама анонсының даўыс дәрежесин реклама ҳәм реклама ҳаққындағы анонс пенен үзип қойылған телебағдарлама ҳәм телекөрсетиў даўысына салыстырғанда бәлентлеў етип белгилеў, буған телекөрсетиўлер көрсетилип атырғанда реклама мақсетлеринде ҳәрекетлениўши қатардан пайдаланыў, реклама блоги ўақтында пайдаланыў кирмейди.
Телекөрсетиўлерге видеопластинкаларды жайластырыў (телекөрсетиў көрсетилиўи ўақтында көринип қалатуғын коммерциялық мәлимлемени), буған рекламаның өзин, сондай-ақ, реклама ҳуқықы тийкарында эфирге шығарылатуғын көрсетиўди көрсетиў ўақты кирмейди.
Онда видеопластинкалар өлшеми экран майданының он процентинен аспаўы ҳәм оның төменги бөлиминде горизонталь жағдайда жайластырылған болыўы керек.
Биринши ҳәм екинши бөлимлериниң талаплары:
– тийисли телеканалда көрсетилип атырған телекөрсетиўлер ҳаққындағы телебағдарламаларда жайластырылатуғын мәлимлемеге;
– телебағдарламаның логотипине ҳәм усы телебағдарлама ҳаққындағы мағлыўматқа қолланылмайды.
Радиодағы еситтириўлерде берилетуғын рекламаларда төмендеги тыйымлар белгиленген:
Радиода тарқатылып атырған рекламаның, радиобағдарламаларды реклама менен үзип қойыўдың улыўма даўамлылығы еситтириў ўақтының бир сааты даўамында жигирма проценттен, бирақ бир суткада еситтириў ўақтының он бес процентинен артыўы мүмкин емес. Бул талап еситтириўлери тек ғана реклама радиобағдарламаларына қәнигелескен радиоканалларға қолланылмайды.
Төмендегилер қадаған етиледи:
– реклама орналастырыў мақсетинде мәмлекетлик илажлар ҳәм мәресимлердиң көрсетилиўин үзип қойыў;
– реклама ҳәм оның анонсы, соның ишинде, радиоеситтириўлер ҳаққындағы анонс даўысының бәлентлик дәрежесин реклама ҳәм радиоеситтириўлер рекламасы ҳаққындағы анонс пенен үзилип қойылған еситтириў даўысына салыстырғанда бәлентирек етип белгилеў.
Реклама – экономиканың қан тамыры, бирақ оның өз талаплары бар. Нызамшылықтағы бул талаплар арқалы бир тәрептен исбилерменлик ушын имканият жаратылады, екинши тәрептен болса тамашагөй ҳәм тыңлаўшылардың мәплери қорғалады.
ӨзА