Жаңа Өзбекстан – дүнья жәмийетшилигинде ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаттың әҳмийетли басламашысы

216

Самарқанд 2025-жылдың 4-апрель күни дүньяға пүткиллей өзгеше статуста – заманагөй жәҳән дипломатиясы орайы сыпатында көзге тасланды. Сол күни Президентимиздиң басшылығында “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммити болып өтти.

Илажда Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта, Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйен, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо ҳәм Европа инвестициялық банкиниң басшылары қатнасты. Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды.

Инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм товар алмасыўды көбейтиў, инновациялар, “жасыл” энергетика, таў-кән, аўыл хожалығы, транспорт, логистика ҳәм санластырыў тараўларында биргеликтеги бағдарлама ҳәм кооперация жойбарларын алға қойыў, мәденият, туризм, илим, билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда жедел алмасыўларды даўам еттириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бул ўақыяны Европа комиссиясы Президенти  Урсула фон дер Ляйен былай  тәрийпледи:

– Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери Европа ушын исенимли бирге ислесиўшилер. Бизди көп жыллық дослық байланыстырып турады, қатнасықларымыз жедел саўда-сатық, идея ҳәм инновация алмасыўына тийкарланған. Бул тығыз ҳәм стратегиялық бирге ислесиўдиң беккем тырнағы болып есапланады. Орайлық Азия менен жолға қойылып атырған жаңа қатнасықлар соны аңлатады, биз бир-биримизге исеним менен сүйене аламыз. Бүгинги дүньяда  болса  бундай бирге ислесиў ҳәр қашанғыдан  да әҳмийетке ийе.

Ҳақыйқатында да, бир ўақытлары халықаралық процессти абайлылық пенен бақлаған Өзбекстан бүгин мине, усындай кең көлемли қарым-қатнас майданына айланды. Бул тек ғана тосыннан ямаса жағдайлардың үйлескенлиги емес, бул Шавкат Мирзиёев әмелге асырып атырған, терең ойланған күшли сиясаттың тәбийғый нәтийжеси болып есапланады. Президент бир неше жыл ишинде Өзбекстанды дүнья сахнасында жарқын, итибарлы атқарыўшыға айландыра алды. Мәмлекетимиз басшысының жаңа дипломатиялық тәлийматы үш анық принцип – ашық-айдынлық, прагматизм ҳәм көп тәреплемеликке тийкарланған.

Ашық-айдынлық – өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиў идеясын қоллап-қуўатлайтуғын ҳәр қандай шерик пенен сөйлесиўге таярлық.

Прагматизм – нәтийжесиз баянат яки шексиз тартыстан қашып, анық нәтийжеге итибар қаратыў қәбилети.

Көп қырлылық – дипломатиялық теңсалмақлық өнери. Бул процессте Өзбекстан ҳәр қыйлы мәплерди табыслы үйлестирип, бир ўақыттың өзинде ҳәм Шығыс, ҳәм Батыс, жетекши мәмлекетлер ҳәм регионаллық шериклер менен исенимли қатнасықлар орнатпақта.

Бүгин  Өзбекстанның  даўысы БМШ, ЮНЕСКО, ШБШ, ЭБШ  ҳәм басқа абырайлы халықаралық шөлкемлер  минберлеринде айрықша ҳүрмет, итибар менен жаңламақта. Мәмлекетлер ҳәм ири халықаралық бирлеспелердиң басшылары Шавкат Мирзиёевтиң хызметлерин ашық-айдын  атап өтип, Өзбекстан  регионды бирлестириў, инфраструктураны  раўажландырыў, адамгершилик машқалаларын шешиў ҳәм мәдениятлараралық сөйлесиўди беккемлеўде әҳмийетли роль атқарып атырғанын  атап өтпекте.

Президент Мирзиёевтиң басшылығындағы заманагөй өзбек дипломатиясы глобал қәўип-қәтерлер дәўиринде табыс гилти жеккелениў емес, қатнасыў, қарама-қарсылық емес, қарым-қатнас, келиспеўшилик емес, бирге ислесиў екенин дәлиллемекте. Әне, усы анық ҳәм избе-из позиция, мәмлекет басшысының жеке исенимлилиги ҳәм дипломатиялық данышпанлығы себепли Өзбекстан бүгин глобал дипломатияның жаңа ҳәдийсеси статусын беккем ийеледи.  Енди ол ҳаққында айтады,  оның пикирлерин тыңлайды, оның менен бирге алға барыўға таяр турады.

Ташкент соңғы үш жылда БМШ Бас Ассамблеясының он арнаўлы резолюциясының басламашысы болды – Аралбойы регионын экологиялық инновациялар аймағы сыпатында тән алыўдан баслап Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығы бағдарламасын қабыл етиўге шекем. Өзбекстан регионда биринши болып Парламентлераралық Аўқамның 150 Ассамблеясына басшылық етти, “UN Public Service – 2025” форумын өткерди ҳәм ЮНЕСКОның 43-Бас конференциясына таярлық көрмекте.

Экономикада “қол берип” дүзилген келисимлер тез арада миллиардлап долларлық инвестицияларға айланбақта: “Fitch” суверен рейтингин ББ дәрежесине көтерди, ЕТРБ портфели рекорд дәрежедеги 5 миллиард евроға жетти, Ташкенттиң “жасыл” облигациялары болса үш есе артық талап пенен сатылмақта. Евразия картасында жаңа коридорлар – Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолы ҳәм Ҳинд океанына тутасатуғын Трансаўған жөнелиси пайда болмақта. Энергетика тараўында 1,5 ГВт қуўатлылыққа ийе “АCWА Роwер” самал электр станциясы ҳәм ҳәр бир жаңа имаратта мәжбүрий қуяш энергиясын ислеп шығарыў системалары қурылмақта.

Тийкарғы байлық халық ҳәм қоңсылардың исеними болып қалмақта. Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан Президентлери “Мәңги дослық” ҳаққындағы Хоженд декларациясына қол қойып, Ташкент жақсы қоңсышылықты әмелий қәдириятқа айландыра алғанын тастыйықлады. Самарқандта Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азияның барлық бес мәмлекети басшыларының бир дастурхан әтирапында отырыўы, Мирзиёев усыныс еткен “жумсақ шегаралар ҳәм қатаң кепиллик” идеясы әмелий сиясий модельге айланғанын көрсетеди. Әне, усы себепли бүгин түрли пайтахтлардың дипломатиялық даўысларға қулақ салып, бирден-бир, исенимли пикирди  тыңлаў мүмкин: Өзбекстан – континентлер ҳәм мәдениятлар арасындағы исенимли көпир, келешекти бирге қурыў мүмкин болған шерик.

Жаңа дипломатиялық бағдар

Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгиленген заманагөй дипломатиялық бағдар бүгин халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қыйын процесслерге салмақлы ҳәм әмелий қатнас үлгиси сыпатында қабыл етилмекте. Жаңа сыртқы сиясат доктринасы тийкарында пүткиллей ашықлық принципи жәмленген. Ташкент өз есиклери дүньяның ҳәр қандай мәмлекети менен тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған сөйлесиў ушын ашық екенлигин айқын көрсетти. Бундай дипломатиялық философия мәмлекетке бейимлесиўшең болыў, халықаралық машқалаларға жедел жуўап бериў ҳәм соның менен бирге өзиниң миллий мәпин қорғаўда турақлылық ҳәм ғәрезсизликти сақлап қалыў имканиятын бермекте.

Прагматизм Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдары есапланады. Шавкат Мирзиёев дипломатия бәлентпәрўаз билдириўде емес, ал пуқаралар ҳәм мәмлекетке анық пайда келтиретуғын әмелий жумыста көриниўи керек екенлигин бәрқулла атап өткен. Бундай қатнас мәмлекетке сөзди әмелге, келисимди реал нәтийжеге айландыра алатуғын исенимли шерикке тән беккем абырай алып келди. Бүгинги күнде тап сондай прагматизм Европа, Азия, Жақын Шығыс ҳәм Америка континентинен инвестор ҳәм шериклерди тартып, Өзбекстанды глобал бирге ислесиў   жедел раўажланып атырған майданға айландырды.

Өзбекстан дипломатиялық стратегиясындағы және бир тийкарғы элемент – мәплер теңсалмақлығы. Президент мәмлекет керексиз келиспеўшиликлерден қашып, блоклар сиясатына араласпастан, көп тәреплемели қатнасықлар орнатыўға умтылып атырғанын бир неше мәрте айтқан. Шавкат Мирзиёевтиң пикиринше, “бүгин дийўаллар ҳәм тосықлар дәўири емес, ал өз-ара түсинисиў көпирлери ҳәм жоллары заманы.” Ол БМШ Бас Ассамблеясында усы көзқарасты анық билдирип, “заманагөй халықаралық машқалаларды күш ҳәм басым менен жеңип болмайды, бул процесс дипломатиялық сабыр-тақат, халықаралық ҳуқықты ҳүрметлеў етиў ҳәм сөйлесиў мәдениятын талап етеди,” деп атап өткен еди.

Мәмлекетимиз таңлаған сөйлесиў усылы әлле қашан дүнья жүзи бойлап тән алынбақта. Бул – салмақлы сөйлесиў усылы, сөйлесиўшини дыққат пенен тыңлаўға таярлық ҳәм қарсыласының көзқарасын есапқа алыў. Әне, усындай қатнас ең қыйын жағдайларда да, тартыслы шегара мәселеси ме, суў-энергетика машқаласы ма ямаса халықаралық келиспеўшилик пе, келисим жолын табыў имканиятын береди.

– Дипломатия әлле қашан жүзеге келген кризисти шешиў емес, ал жағдайдың алдын алыў ушын ислеўи керек, – дейди Шавкат Мирзиёев. – Ҳақыйқый дипломатия басқалар машқаланы көрген жерде шешимди көре алыў ҳәм олар жабық деп есаплаған жерде есиклерди аша алыў қәбилети.

Бүгинги күнде мине усындай усыл себепли өзбек дипломатиясы тынышлық ҳәм аўызбиршилик қуралына айланып, регионды турақластырыў, түрли мәмлекетлер ҳәм халықлардың улыўма мақсетке ерисиў жолындағы ҳәрекетлерин бирлестириўге хызмет етпекте. Бул үлги XXI әсирде дипломатия тек ғана сөйлесиў шеңберинде бир-бирин қарсы алыўға ҳәм турақлы тынышлық және абаданлық жолын биргеликте излеўге таяр тең ҳуқықлы шериклер отырған жағдайда ғана нәтийжели болыўы мүмкин екенлигин көрсетпекте.

Орайлық Азия: бирге ислесиўдиң жаңа дәўири

Шавкат Мирзиёевтиң “дипломатиялық революциясы” Өзбекстан ушын жаңа бағдар белгилеп берди. Бул процесстиң дәслепки әҳмийетли нәтийжеси Орайлық Азияның конструктивлик шериклик форматына анық өтиўинде өз көринисин тапты. Бул бағдарда Ташкент тартыўшы күш сыпатында көзге тасланды. Өзбекстанның жедел позициясы себепли регион Президентлериниң мәсләҳәт ушырасыўлары бир мәртелик жақсы нийет белгисинен турақлы ислейтуғын механизмге айланды. АҚШтың қатнасыўындағы C5+1 форматы болса сөйлесиўге қосымша сүйениш берди – соңғы еки саммит даўамында жүклер ушын “жасыл” коридор келисип алынды, тариф сиясатының улыўма принципи ислеп шығылды. Нью-Йоркта бирден-бир төлем ҳәм логистика системасы ушын имканият жарататуғын санлы интеграция бойынша “Жол картасы”на қол қойылды. Америка тәрепи буған жуўап ретинде DFC ҳәм USAID кредит линияларын миллиард долларға шекем арттыратуғынын жәриялады. Ең әҳмийетлиси – дипломатиялық консенсус беккемленди.

Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан Президентлери тәрепинен 2025-жыл 31-мартта қол қойылған Мәңги дослық ҳаққындағы Хоженд декларациясы өз-ара исенимниң ең айқын белгиси болып есапланады. Ҳүжжет тек ғана үш шегараның соңғы “тутасыў ноқаты”н нызамлы түрде белгилеп қоймастан, ал келешектеги барлық келиспеўшиликлерди тек ғана тиккелей сөйлесиў жолы менен шешиў миннетлемесин де орнатады.

Тәжикстан Сыртқы ислер министрлиги буны “регионаллық жарасыўдың тарийхый басқышы” деп атады, БМШ Қәўипсизлик Кеңеси болса декларацияны “превентив дипломатия үлгиси” сыпатында алғыслады. Ратификациядан соң дәрриў үш шегара өтиў мәнзили арқалы ҳәрекет тикленди. Буннан кейинги ярым жыллық нәтийжеге бола, үш мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 27 процентке өсти. Жақында “қағазда қалатуғын” деп есапланған мега жойбарлар жақынласыўдың инфраструктуралық тийкарын қәлиплестирмекте 2024-жыл июнь айында Пекин, Бишкек ҳәм Ташкент Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолы жөнелисин үзил-кесил тастыйықлады, Нарын жеринде қурылыс-излеў жумыслары басланды. Қублада Өзбекстан ҳәм Аўғанстан Орайлық Азияны Араб теңизи портлары менен биринши мәрте ең қысқа қурғақлық жолы арқалы байланыстыратуғын Мозори Шариф – Қабул – Пешавар трансаўған коридорының техникалық-экономикалық параметрлерин келисип алды. Ҳәр еки магистраль Азия раўажланыў банки ҳәм Ислам раўажланыў банки тәрепинен қоллап-қуўатланбақта, жүк тасыў потенциалы жылына 20 миллион тоннадан аслам, деп баҳаланбақта.

Регион ушын дәстүрий түрде ең әҳмийетли есапланған суў ҳәм энергетика тараўындағы нәтийжелер де итибарға ылайық. 2025-жыл январь айында Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Өзбекстан энергетика министрлери Жәҳән банки жәрдеминде суў шығарыў кестесин қыста тегис аймақларға электр энергиясын жеткерип бериў менен байланыстырған ҳалда, 1,9 ГВт қуўатлылыққа ийе Қамбарата ГЭС-1ди биргеликте қаржыландырыў ҳаққындағы келисимге қол қойды. Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Зарафшанда 140 мегаваттлы Яван ГЭСин қурмақта – бул төменги ағыстағы мәмлекет жоқары ағыстағы қоңсысы гидроэнергетикасына инвестиция киргизген биринши жағдай. Соның менен бирге, Душанбе CAPS бирлескен энергия системасына жалғанбақта, бес республика бас министрлериниң орынбасарлары мәўсимлер аралық жетиспеўшиликти жумсартатуғын “суў орнына энергия” принципи бойынша келисип алды. Усы тәризде он жылдан аз ўақыт ишинде Орайлық Азия шашаў мәмлекетлер архипелагынан бир-бирин толықтыратуғын экономикалық-транспорт экосистемасына айланды. Темир жоллар, биргеликтеги ГЭСлер, ашық шегаралар ҳәм бирден-бир тариф сиясаты жаңа реаллықты қәлиплестирмекте. Онда ҳәр бир тәреп жәмәәтлик турақлылықтан мәпдар. Ҳәм ҳәр бир әҳмийетли ўақыяда – Хоженд келисимине ме, Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан жойбарына ма ямаса Қамбарата бөгетине ме, өзбек дипломатиясының орны сезиледи.

Дипломатиялық басламалар ҳәм халықаралық майдан

Ташкенттиң “регионаллық модераторлар” категориясынан глобал басламашылар клубына үзил-кесил өтиўиниң ең айқын көрсеткиши БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен Өзбекстанның усынысы ямаса биргеликтеги авторлығында қабыл етилген он арнаўлы резолюция болып есапланады. Аралбойы регионын “экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы” деп жәриялаған А/РЕС/75/278  ҳүжжети ҳәм “Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳаққында”ғы А/РЕС/76/295резолюциясы текстиниң мазмуны соны көрсетеди, Ташкент миллий күн тәртибин – экология, транспорт ҳәм климатты 193 мәмлекет ушын улыўма мәпке айландырыўды биледи. Әне усы логика Самарқандты ең ири көп тәреплеме форумлар картасына алып шықты. 2025-жылдың октябрь-ноябрь айларында әййемги қала Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте ЮНЕСКОның 43-Бас конференциясына басшылық етеди. Усы жылдың июнь айында болса бул қалада “2030-жылға шекем бес жыл: санлы трансформацияны жеделлестириў” сүрени астында БМШ Мәмлекетлик хызметлери форумы – 2025 болып өтти.

Ташкент Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясы мәнзили сыпатында таңланғаны да мақсетке муўапық. Усы жыл 5-9-апрель күнлери пайтахтымызда 140 мәмлекеттен келген делегатлар жыйналды. Юбилей форумының Өзбекстанда өткерилиўи “мәмлекеттиң парламент реформалары ҳәм жәмийетлик қадағалаўды кеңейтиў тараўындағы сезилерли жетискенликлери” менен түсиндирилди. 2025-жыл 4-апрельде болып өткен “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммити “глобал раўажланыў” шыңы болды. Самарқандта Европа кеңесиниң баслығы Антониу Кошта ҳәм Орайлық Азияның бес республикасы президентлери бир дөгерекке жыйналды. Урсула фон дер Ляйен “Global Gateway”ның 12 миллиард евролық пакетин жәриялады ҳәм қатнасыўшыларды “таңлаў шериклери” деп атады. Ушырасыў ийеси Шавкат Мирзиёев болса регионның ЕА менен товар айланысы әлле қашан 54 миллиард евроға жеткенин атап өтти.

Басқаша айтқанда, қысқа тарийхый дәўир ишинде Өзбекстан жәҳән дипломатиясы “компасы”н ашыўға еристи. Әмелий характерге ийе машқалалардан баслап, планета көлеминдеги шешимлерге шекем, Арал бойындағы экологиялық инновациядан баслап, Евроазия коридорлары ҳәм санлы мәмлекетлик басқарыўға шекем. Ҳәр бир жаңа платформа, ҳәр бир резолюция мәмлекеттиң халықаралық консенсус исенимли архитекторы сыпатындағы абырайын және де беккемлемекте.

Өзбекстанның дипломатиялық феномени тек ғана дүнья көлеминдеги кең көлемли тән алыў емес, ал исеним рейтинги, мисли көрилмеген инвестициялар ағымы ҳәм ири “жасыл” жойбарлар портфелинде сәўлеленген әмелий табыслар шынжырына айланбақта. Бүгинги күнде өсип баратырған экономикалық потенциал, жедел санластырыў, мәнзилли социаллық бағдарламалар ҳәм сақаўатлы гуманитарлық күн тәртиби мәмлекеттиң жаңа сыртқы сиясий келбетиниң ажыралмас бөлегине айланбақта.

Ең итибарға ылайық тәрепи сонда, Ташкент дүняның Орайлық Азияға көзқарасын өзгерте алды. Кеше ғана сыртқы бирге ислесиўшилер ҳәр бир республика менен қатаң “айрықша” жумыс алып барған болса, бүгин, көп жағынан Шавкат Мирзиёевтиң исенимли басламалары себепли, регион барған сайын көбирек өз-ара байланыслы бир пүтин система сыпатында қабыл етилмекте. Белгили бир мәмлекеттиң табысы биргеликтеги жойбарлар, “беслик” мәсләҳәтлесиўи форматлары есабынан көбеймекте. Мине, усы синергия исеним ҳәм ашық-айдынлық орталығы ҳүким сүрип атырған Өзбекстанды Европа, Азия ҳәм Жақын Шығыс арасындағы исенимли көпирге айландырмақта, пүткил Орайлық Азияның инвестициялық тартымлылығын арттырмақта.

Прагматизм, мәплердиң тең салмақлылығы ҳәм халықаралық ҳуқықты пуқта ҳүрмет етиў жолы Ташкентке мәмлекет суверенитетин беккемлеў ҳәм соның менен бирге регионаллық аўызбиршиликтиң итибарлы архитекторы болыў имканиятын бермекте.

Абдуазиз ХИДИРОВӨзА