Мәмлекетлик емес сектордың жәмийетлик турмыстағы орны артып бармақта (+видео)

Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!
Елимизде болып атырған реформалар процесинде ҳәм аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўде пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Бүгинги күнге шекем тараўға байланыслы 200 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, мәмлекетлик емес сектордың ҳуқықый кепилликлери жаратылған.
Сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында да пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик қадағалаў ҳәм социаллық шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларда МКШлардың қатнасыўын кеңейтиўге байланыслы анық мақсетлер белгилеп қойылған.
Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Азамат Пардаев өз мүнәсибетин билдирди.
ӨзА