Суд системасы – инсан ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлейтуғын әҳмийетли институтқа айланды

Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!
Суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Әдил судлаў тараўындағы нызамшылықты таллаў департаментиниң баслығы Отабек ИСМОИЛОВ пенен суд системасында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлестик.
– Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў ушын бийғәрез суд системасын жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгиленди. Усы мақсетте ғәрезсизлик жылларында суд-ҳуқық системасы түп-тийкарынан жетилистирилди.

2017-2025-жылларда Жоқарғы суд тәрепинен 280 нен аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылып, суд системасына байланыслы 65 тен аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Бул ҳүжжетлер менен “Инсан қәдири ушын” идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасы қәлиплестирилди. Халқымыз, соның ишинде, исбилерменлердиң суд қорғаўына болған талабы тәмийинленип келинбекте.
– Мәмлекетлик уйымлардың қарарлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен пуқаралардың судқа шағымлары қалай көрип шығылмақта?
– Бул ҳуқық конституциялық дәрежеде кепилленген. Оны әмелде тәмийинлеўге хызмет ететуғын ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди. Бул пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң суд қорғаўына ерисиў дәрежесин және де арттырды.
Мысал ушын, 2017-2024-жылларда ҳәкимшилик судлар тәрепинен 102 мыңнан аслам ис көрилген болса, соннан 61 мыңға шамалас ямаса 60 процент талаплар қанаатландырылған. Өткен жылдың өзинде бул көрсеткиш 41 процентти қураған.
Районлар аралық, район (қала)лық экономикалық судлары дүзилди. 2017-жылга шекем хожалық судлары тек ўәлаят дәрежесинде хызмет көрсеткен. Айырым районлар суд имаратынан узақ аралықта жайласқаны себепли исбилерменлер шағым арзасын берген ўақыттан тартыс судта көрип шығылғанға шекем ўәлаят орайына бир неше мәрте қатнаўға мәжбүр болған. Бул болса, олардың материаллық қәрежет ҳәм артықша ўақыт жумсалыўына себеп болған.
Шөлкемлестирилген экономикалық судлардың жайласыўы алыс аймақларда жасайтуғын пуқаралардың, соның ишинде, исбилерменлердиң суд қорғаўына ерисиў дәрежесин арттырды.
– Жеке меншик мүлктиң қорғалыўы ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
– Жеке меншик мүлктиң қорғалыўы ҳәм қол қатылмаслығын суд арқалы қорғаў күшейтилди. Жеке меншик мүлкке ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў ҳуқықын тиккелей ямаса тиккелей емес шеклеўди нәзерде тутатуғын, мүлк қатнасықларында базар экономикасы принциплерин толық енгизиўге тосқынлық ететуғын тәртип-қағыйдалар, талаплар ҳәм шеклеўлер бийкар етилди.
Соның ишинде, жер участкаларына болған ҳуқықтың жүзеге келиўи ушын тийкар болған ҳүжжетлерди, соның ишинде, Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ҳүжжетлерин олардың өзи ямаса жоқары турыўшы уйым ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен, атап айтқанда, прокурор протести тийкарында бийкарлаў жолы менен жер участкасына болған ҳуқықты сапластырыў әмелиятына шек қойылды.
Бул ҳүжжетлер тек ғана суд тәрепинен бийкар етиледи ямаса ҳақыйқый емес, деп табылады.
– Суд қарарларын қайта көриў басқышлары қандай нәтийже бермекте?
– Суд қарарларының үзил-кесил әдил болыўы ушын оларды қайта көрип шығыў басқышлары бар. Бул кейинги жылларда жетилистирилип, ўәлаят дәрежесинде ислерди қайта көриўдиң жаңа басқышлары (кассация, тексериў инстанциялары), Жоқарғы судта болса, тексериў инстанциясы енгизилди. Бул реформа 2024-жыл 1-январьдан әмелиятқа енгизилди. Бул арқалы пуқараларға ўәлаят дәрежесинде ислерди апелляция ямаса кассацияда ҳәм тексериў тәртибинде, Жоқарғы судта тексериў тәртибинде қайта көрип шығыў имканияты жаратылады.
Онда, жоқары инстанция судлары тәрепинен исти жаңадан көриў ушын төменги судларға жибериў тәртиби бийкар етилди ҳәм оларға ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў жуўапкершилиги жүкленди.
Реформа нәтийжесинде суд ислерин көриўдиң оғада орайласқанлығы сапластырылды. Ҳәр бир суд инстанциясына ис бойынша жуўмақлаўшы қарар шығарыў миннетлемесиниң жүкленгени халықтың артықша ўақыт ҳәм қәрежетлериниң үнемлениўине алып келди.
– Судларды санластырыў жумыслары қай дәрежеде?
– Судларда ислерди көрип шығыўда әдилликти, ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын “Электрон әдил судлаў” системасы жаратылды.
Судьялар арасында жумысларды инсан факторысыз, автомат түрде бөлистириў, судларға электрон мүрәжат ҳәм суд ҳүжжетлерин тәреплерге электрон түрде жибериў, суд мәжилислерин аудиожазыўға алып барыў, суд қарарларын Интернет тармағында жәриялаў, суд мәжилислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятын кеңейтиў сыяқлы заманагөй қатнаслар нәтийжесинде әдил судлаў нәтийжелилигине ерисилмекте.
Судлардың мәлимлеме системасы менен министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары арасында мағлыўматларды электрон түрде алыў тәртиби әмелиятқа енгизилип, олар менен мағлыўматлар алмасыўы 100 процент санлы түрге өткерилди.
Жоқарғы судтың Интерактив хызметлер порталы иске қосылып, ол арқалы пуқараларға 49 түрдеги интерактив хызметлер көрсетилмекте.
Онда судларға электрон түрде мүрәжат етиў, суд қәрежетлерин электрон түрде төлеў, нызамлы күшке кирген суд қарарлары менен танысыў, жумыслардың жағдайын онлайн бақлап барыў, суд шақырыў қағазын электрон алыў, суд мәжилисиниң кестеси менен онлайн танысып барыў, дүньяның қәлеген жеринен турып суд мәжилислеринде мобиль видеоконференцбайланыс системасы арқалы қатнасыў сыяқлы интерактив хызметлер жолға қойылды.
Ҳәзирги ўақытта судлардың жумысына пуқараларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў, суд ҳүжжетлериниң жойбарларын автомат түрде таярлаў ҳәм суд әмелиятын таллаў бағдарында жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша илажлар көрилмекте.
– Судлар жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бағдарында қандай илажлар әмелге асырылды?
– Судлардың жумысы ҳаққында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе ўәлаят судларының баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен брифинглер өткериў әмелияты жолға қойылды.
Қабыл етилген суд ҳүжжети оқып еситтирилгеннен соң оның мазмун-мәниси суд процеси қатнасыўшыларына түсиндириледи. Судлар шығарған қарарлар Жоқарғы судтың веб-сайтында турақлы түрде жәрияланып барылады.
Жоқарғы судта Жәмийетлик бирге ислесиў орайы және ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судларда баспасөз хызметлериниң шөлкемлестирилгени халық пенен ашық-айдын пикирлесиўди жолға қойыў ҳәм суд ҳәкимиятының ашық-айдынлығын арттырыў жолында көрилген әҳмийетли илаж болды.
Жәмийетшиликти судтың жумысы ҳаққында ҳәр шеректе ғалаба хабар қураллары арқалы хабардар етип барыў тәртиби енгизилди.
Конституцияда белгиленген суд ҳәкимиятының еркинлиги кепилликлерин және де беккемлеў мақсетинде судлардың басшылары халық депутатлары жергиликли кеңеслерине бир жылда кеминде бир мәрте мәлимлеме усыныўы ҳаққындағы қағыйда бийкар етилди.
Усы реформа нәтийжесинде әдил судлаўдың мәмлекетлик ҳәкимияттың басқа тармақларынан еркин түрде жумыс алып барыўына байланыслы демократиялық принцип әмелде жүзеге шықты.
– Суд ислерин жүргизиўде әмелиятқа жаңа институтлар киргизилди. Бул қандай нәтийже бермекте?
Жынаят процесинде жарасыў институты кеңейтилди, жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда айрықша судьялар – тергеў судьялары лаўазымлары киргизилди. Жынаят иси бойынша – дәслепки тыңлаў, пуқаралық ҳәм экономикалық судларда – судқа шекемги мәжилис, әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиў, медиация институтлары енгизилди.
Инсан ҳуқықларын суд арқалы қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў, жынаят ис жүргизиўинде инсаныйлық принциплери тийкарында “Хабеас корпус” институтын және де кеңнен енгизиў мақсетинде 2025-жыл 1-январьдан тергеў судьяларының жумысы жолға қойылды.
Судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў ҳәм жынаят исин көрип шығыў ўазыйпасы жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судлардың ўәкиллигине берилди.
Тергеў судьясы институтының әмелиятқа енгизилиўи оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге имканият жаратты.
Шаңарақты беккемлеў, ҳаял-қызлардың нызамлы мәплерин жүзеге шығарыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың логикалық даўамы сыпатында пуқаралық ислери бойынша районлараралық судларда шаңарақлық келиспеўшиликлерди көриўге қәнигелескен судьялар корпусын қәлиплестириў мақсетинде 2024-жыл 1-февральдан тәжирийбе тәризинде “Шаңарақ судьялары” шөлкемлестирилди.
Нызам ҳүжжетлерин әмелиятта бирдей қолланыў, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў мақсетинде Жоқарғы суд пленумының қарарлары қабыл етилетуғынын атап өтиў керек. Кейинги еки жылда бул бағдарда 20 дан аслам қарар қабыл етилди ҳәм әҳмийетли түсиниклер берилди.
Жуўмақлап айтқанда, суд тараўындағы реформалар инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.
ӨзАның хабаршысы
Норгул АБДУРАИМОВА
сәўбетлести.