Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Жоқары судта салтанатлы байрам илажы болып өтти

150

Илаж Мәмлекетлик гимн менен басланды. Суд системасының басшылары – Жоқары суд баслығы Б.Исламов, Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы Х.Ёдгоров ҳәм Судьялар ассоциациясының баслығы У.Мингбаев жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, ғәрезсизлик халқымыздың еркин ҳәм абадан турмысқа исенимин беккемлеп атырғанын атап өтти.

Кейинги жылларда суд-ҳуқық тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Суд жумысының ашық ҳәм әдил болыўы, судьялардың еркинлигин тәмийинлеў, санлы технологияларды енгизиўге үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, жақында Президент тәрепинен қол қойылған пәрманлар суд системасында жаңа басқышты баслап берди.

Илажда бир топар суд ветеранлары ҳәм суд хызметкерлери “Бенуқсон хизмати учун” көкирек белгиси менен сыйлықланды. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы Амир Нурлипесов та бар.

Видеоконференция байланыс режиминде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов усы сыйлықты өз ийесине салтанатлы түрде тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги