Қуўатландырыўшы ишимликлер “ҳәлсиз”лендире ме?!

Соңғы жыллары қуўатландырыўшы ишимликлерге болған талап сезилерли дәрежеде артпақта. Әсиресе, мектеп жасындағы балалар ҳәм жас өспиримлер арасында бул ишимликлерден пайдаланыў күннен-күнге артпақта. Энергетикалық ишимликлер қысқа мүддетте тетиклендирип ҳәм күш берип атырғандай болса да, олардың қурамында инсан организми ушын зыянлы болған элементлер бар. Сол себепли, бул өнимди 18 жастан кишилерге сатыў қатаң қадаған етилгенине қарамастан, бул қағыйдаға барлық саўда дүканлары толық әмел етпей атыр. Нәтийжеде, жаслар арасында энергетикалық ишимликлерге қызығыўшылық жағдайлары кеңнен тарқалмақта.
Энергетикалық ишимликлер қурамында кофеин, қант, таурин, B топары витаминлери, өсимлик экстрактлары және қосымша ингредиентлер болып, олар организмге қысқа мүддетли энергия береди. Кофеин – бул нерв системасын қозғатыўшы тийкарғы зат есапланып, ол дыққатты арттырады ҳәм шаршаўды азайтады. Бирақ көп пайдаланғанда уйқысызлық, тынышсызланыў ҳәм жүрек соғыўының тезлесиўине алып келиўи мүмкин. Қуўатландырыўшы ишимликлер қурамындағы жоқары муғдардағы қант организм ушын зыянлы есапланады. Сондай-ақ, бул ишимликтиң жоқары кислоталылығы тис эмалын жемириўи ҳәм асқазан силекей қабатының зыянланыўына себеп болыўы мүмкин.
Энергетикалық ишимликке қызығыўшылық жағдайлары орта жастағы ҳәм кексе адамларға қарағанда жаслар арасында оғада көп тарқалған. Буның тийкарғы себеплеринен бири күшли маркетинг стратегиясы есапланады. Энергетикалық ишимликлер көбинесе сергеклик, күш-қуўат ҳәм табыс белгиси сыпатында көрсетиледи, бул болса балалар ҳәм жас өспиримлерди оларды сынап көриўге ийтермелейди. Қалаберди, орталық та үлкен роль атқарады. Себеби, жас өспиримлер арасында тез-тез қуўатландырыўшы ишимликлер ишиў “авторитет” ўазыйпасын да атқармақта.
Қуўатландырыўшы ишимликлерге қызығыўшылық тек ғана физикалық саламатлыққа зыян жеткерип қоймастан , ал руўхый жағдайға да унамсыз тәсир етеди. Жасларда тынышсызланыў, депрессия ҳәм еслеў менен байланыслы машқалалар көбейеди. Олардың билим алыўға болған қызығыўшылығы төменлейди, социаллық искерлиги шекленеди.
Негизинде нызамшылықта энергетикалық ишимликлерди 18 жастан киши шахсларға сатыў қатаң қадаған етилген. Бирақ бул қағыйдаға тек ғана ири-ири супермаркетлер ҳәм лицензияға ийе дүканлар ғана әмел етпекте. Айырым сатыўшылар болса бул нызамды менсинбей, тек ғана экономикалық пайда есабынан қуўатландырыўшы ишимликлерди жас категориясына қарамастан сатпақта.
Халық арасында қуўатландырыўшы ишимликлерге болған қызығыўшылықты азайтыў ҳәм жаслар арасында усы өнимниң сатылыўын шеклеў шеңберинде бир қатар илажларды әмелге асырыў зәрүр. Мәлимлеме майданында бул өним арқалы жынысый әззиликке ушыраў, жүрек-қан тамыр кеселликлери, нерв системасының бузылыўы, тистеги эмаль қатламының жемирилиўи ҳәм бүйреклерде әззилик жағдайларын келтирип шығарыўы ҳаққында мағлыўматлар күнде айтылмақта.
Бундай жағдайлардың алдын алыў ушын, бәринен бурын, 18 жастан киши болғанларға энергетикалық ишимликлерди сатыўды қатаң қадаған етиў ҳәм қадағалаўды күшейтиў керек. Ҳәр қандай саўда орынлары бул қағыйдаларға қатаң әмел етиўи керек.
Маркетинг ҳәм реклама системасын тәртипке салыў ҳәм инсанды алдаўға алып келетуғын, оларды энергетикалық ишимликлерге қызықтыратуғын реклама ҳәм үгит-нәсиятлаўды шеклеў керек.
Қалаберди, халық арасында энергетикалық ишимликлердиң зыянлы тәреплери ҳаққында толық мағлыўмат бериў, олардың денсаўлық ушын қәўиплерин түсиндириў әҳмийетли.
Қуўатландырыўшы ишимликлерге қызығыўшылық адамлар арасында кең тарқалып атырған әҳмийетли машқала болып есапланады. Олардың қурамындағы зыянлы элементлер организмге көплеген унамсыз тәсирлерди келтирип шығарады, әсиресе, өсиў дәўириндеги балалар ҳәм жас өспиримлердиң денсаўлығына унамсыз тәсир етеди. Сол себепли, бул өнимлерди жаслар ушын шеклеў ҳәм олар арасында ағартыўшылық жумысларын күшейтиў зәрүр. Жәмийет, ата-аналар, мектеплер ҳәм мәмлекетлик уйымлар биргеликте ислесиў арқалы жас әўладтың денсаўлығын қорғаў ҳәм оларды зыянлы әдетлерден узақластырыў мүмкин.
ӨзА