112 жастағы Норжон мамаға «Шуҳрат» медалы тапсырылды

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен бир қатар мәмлекетлик хызметкерлер, өндирис ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардың ўәкиллери жоқары мәмлекетлик сыйлықларға ийе болды.

Президент Пәрманына муўапық, Беруний районында жасаўшы Норжон апа Зарипова да «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды. Сыйлықты Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов салтанатлы түрде тапсырып, теберик ананы байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Норжон мама өмирин атызда әпиўайы жумысшы сыпатында өткерип, пахташылық ҳәм ғәллешилик тараўында үлкен тәжирийбе арттырған. Ол нәтийжели мийнети менен елимизде мол зүрәәт жетистириўге мүнәсип үлес қосқан.
1913-жылы туўылған, бүгинги күнде 112 жасты қарсы алып атырған ана өмириниң тийкарғы бөлегин аўыл хожалығын раўажландырыўға бағышлады. Ҳәзирги күнде Норжон апа елимизге тынышлық, ел-журтымызға аманлық, жасларымызға күш-ғайрат тилеп жасамақта.
Оның пүткил өмири ҳадал мийнет ҳәм тәрбияға бағышланған. Бүгинги күнде ананың 9 перзенти, 30 ақлығы, 60 шаўлығы ҳәм 11 қуўлығы бар. Ол барлық әўладларын аўызбиршиликке шақырып, шаңарақ ҳәм жәмийетте ибрат үлгиси болып келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги