Өзбекстан – Әзербайжан: азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша бирге ислесиў

Азық-аўқат қәўипсизлигин заманагөй басқарыў бойынша тәжирийбе алмасыў мақсетинде 25-28-август күнлери тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллеринен ибарат Өзбекстан Республикасы делегациясы Әзербайжанға барды. Сапар БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ниң Өзбекстандағы ўәкилханасының жәрдеминде шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Атабеков басшылығындағы делегация 25-август күни Әзербайжан Азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги агентлигинде (AFSA) қабыл етилди. Ушырасыў даўамында тәреплер бирге ислесиў перспективаларын додалады ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги, өсимликлерди қорғаў ҳәм ветеринария тараўларында тәжирийбе алмасылды.
AFSA баслығының орынбасары Закия Мустафаеваның атап өтиўинше, соңғы жыллары Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықлар өз-ара сапар етиўлер, қол қойылған келисимлер ҳәм биргеликтеги басламалар арқалы избе-из раўажланбақта.
Өзбекстан делегациясына Әзербайжанда азық-аўқат қәўипсизлиги нызамшылығын жетилистириў, қәўип-қәтерлерге тийкарланған тексериў механизмлери, кризисли жағдайларды басқарыў системалары ҳәм оператив ескертиў механизмлериниң енгизилиўи ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Презентацияларда, сондай-ақ, қадағалаў ҳәм тексериў тәртип-қағыйдалары, соның ишинде, HACCP (Қәўиплерди таллаў ҳәм қадағалаўдың әҳмийетли орынлары) системасының қолланылыўы, азық-аўқат өнимлерин импорт ҳәм экспорт етиў талаплары, жаңа өним түрлери, азық-аўқат қосымшалары, пестицидлер, ветеринария дәри қураллары ҳәм азық-аўқат қосымшаларын дизимнен өткериў тәртиби, миллий санлы система – AQTIS (Азық-аўқат қәўипсизлиги автоматластырылған мәлимлеме системасы) жумысы, жәмийетшилик пенен пикирлесиў, ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў ҳәм мәлимлеме материалларын таярлаў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
Сапар даўамында Әзербайжан Азық-аўқат қәўипсизлиги институтында (AFSA) ушырасыў, сондай-ақ, шегара қадағалаў пунктлери ҳәм лабораторияларға сапарлар болып өтти. Бул процесс өзбекстанлы қәнигелерге азық-аўқат импорты ҳәм экспортын қадағалаўда “бир айна” моделиниң әмелиятын үйрениў имканиятын берди. Бул оқыў сапары Өзбекстанға институтларды реформалаў, лабораторияларды беккемлеў ҳәм мәпдар тәреплерди азық-аўқат қәўипсизлиги тараўына кеңирек тартыў бойынша тәжирийбелерди үйрениў имканиятын берди.
Делегация қурамында Денсаўлықты сақлаў, Аўыл хожалығы министрликлери, Ветеринария комитети, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Есап палатасы ҳәм Президент жанындағы Стратегиялық реформалар агентлигиниң басшы хызметкерлери қатнасты. Бул баслама ФАО тәрепинен Өзбекстанда азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин басқарыўды күшейтиў ҳәм саўданы жеңиллетиў бағдарындағы үзликсиз қоллап-қуўатлаўдың логикалық даўамы болып есапланады.
Әзербайжан тәжирийбесин үйрениў арқалы Өзбекстан тутыныўшыларды қорғаў, қәўипсиз ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерине ийе болыў имканиятын жаратыў, сондай-ақ, халықаралық базарда бәсекиге шыдамлылықты арттырыў жолында әҳмийетли қәдем тасламақта.
М.Пирматова,
ӨзА