Аўыл хожалығында Өзбекстан-Австрия бирге ислесиўи жаңа басқышта

Өзбекстан фермерлери кеңесиниң баслығы Актам Хаитов Австрия Фермерлер аўқамының президенти, сондай-ақ, Австрия Миллий кеңесиниң Аўыл хожалығы мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Г.Страссер басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыўда тәреплер мәмлекетимизде аграр тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм кооперативлерди қоллап-қуўатлаў бойынша Кеңес системасындағы шөлкемлердиң жумысы бойынша пикир алысты.

Өзбекстанда фермерликти нәтийжели шөлкемлестириў, агротехнологияларды енгизиў ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў бағдарындағы ҳәрекетлер айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда Австрияның аўыл хожалығы тараўында ерискен жетискенликлери, фермерлик системасы ҳәм агро инновациялар бағдарындағы тәжирийбеси ҳаққында да сөз болды.

Тәреплер агросанаат тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, тәжирийбе ҳәм инновациялық қатнасларды өз-ара үйрениў, Европа регионында қолланылып атырған алдынғы технологияларды елимиз шараятына бейимлестириў бағдарында әмелий илажлар көриўге келисип алды.

Келешекте инвестициялық жойбарлар, оқыў-семинарлар, биргеликтеги изертлеўлер ҳәм өз-ара делегациялар алмасыўы арқалы еки мәмлекет арасындағы аграр бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилиўи күтилмекте.


ӨзА