Қуяш системасында тиришилик ушын барлық шараятларға ийе болған планета анықланды – ҳәм ол биз ойлағанымыздай Марс емес!

Гәп Марс ҳәм Юпитер арасындағы астероидлар поясындағы ең ири дене – Серера кишкене планетасы ҳаққында бармақта. Халықаралық илимпазлар топары алып барған изертлеўлер соны көрсетти, Серера бир ўақытлары микроблар ушын сәйкес болған химиялық энергия дерегине ийе болған!
Жердеги сыяқлы, ыссы таў жыныслары менен тойынған суў – микроорганизмлер ушын ҳақыйқый “тиришилик дереги” есапланады. Илимпазлар әне, усындай шараятлар бир ўақытлары Серера ишинде бар болғанын анықлады.
2018-жылғы Dawn миссиясы Серерада дуз, органикалық молекулалар ҳәм жер асты дузлы океаны излерин тапқан еди. Енди болса бул ойлап табыўларға және бир әҳмийетли тәрепи қосылды – жыллылық дереги ҳәм химиялық реакция арқалы пайда болатуғын тиришилик “жанылғысы”.
Илимпазлар модельлестирген есап-санақларға бола, 2,5-4 миллиард жыл алдын Серераның ядросы радиоактив ыдыраў себепли қызған ҳәм бул процесс нәтийжесинде суў ысыған ҳәм метан ҳәм карбонат ангидрид пенен тойынған. Булар болса әпиўайы микроорганизмлердиң тиришилиги ушын керекли шараят.
Ҳәзир Серера суўып кеткен, суўы музлап қалған. Бирақ өтмиште ол теориялық жақтан “өмир айнасы”нан өткен – яғный өмир пайда болыўы мүмкин болған дәўирди басынан өткерген.
Изертлеўшилердиң пикиринше, бундай сценарий Қуяш системасындағы басқа муз денелеринде де болыўы мүмкин. Тек олар Европа ямаса Энселада сыяқлы үлкен планеталардың тартысыў күши жәрдеминде емес, ал ишки радиоактив энергия арқалы ысытылыўы мүмкин.
Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА