Бизнести раўажландырыў банки Нөкисте жаңа жойбарды баслады

148

Нөкис қаласында “Yori-I” жойбары шеңбериндеги “U-HOPE 2025” инновациялық бағдарламасының старт алыўына бағышланған илаж шөлкемлестирилди. Онда “Бизнести раўажландырыў банки” АКБ Басқармасы басшылығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Японияның Ямагата университети профессорлары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў Бағдарламасы (UNDP) жуўапкерлери, жергиликли исбилерменлер, менторлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 14-сентябрьдеги “Киши бизнести раўажландырыўды финанслық ҳәм институционаллық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық, “Бизнести раўажландырыў банки” АКБ “Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” комплексли бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў ҳәм оны турақлы түрде жетилистирип барыў бойынша тийкарғы таяныш банк сыпатында белгиленген.

Соған муўапық, мәмлекетимиз басшысының басламасы тийкарында исбилерменлерди оқытыў процесине “Япония тәжирийбеси”н енгизиў ҳәм бул бағдарда Японияның жетекши билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, быйыл 27-январьдағы Пәрманда япониялы қәнигелер менен биргеликте Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған жас исбилерменлер арасынан 50 менторды таярлаў ўазыйпасы қойылған.

«U-HOPE 2025” жойбары мине, усы басқыштағы жумыслар рәсмий түрде басланғанын билдиреди.

Бул ўазыйпаның орынланыўы шеңберинде усы жылы Ямагата университетиниң жоқары баҳаланған исбилерменликти оқытыў бағдарламасы (Yori-I)на тийкарланған бағдарлама тийкарындағы сабақлар:

– Басқарыў бойынша әмелий ноу-хауды ийелеў;

– Инновацияларды алға қойыў;

– Жаңа бизнес жаратыўды қоллап-қуўатлаў сыяқлы бағдарларда алып барылады ҳәм нәтийжеде Қарақалпақстанда және 50 ментор таярланады.

Бағдарлама қатнасыўшыларда лекциялар, семинарлар ҳәм тренерлик арқалы машқалаларды шешиўдиң әмелий көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған болып, жергиликли исбилерменлик орталығын және де жанландырыў, нәтийжеде экономикалық өсиўге алып келетуғын баслама екени менен итибарға ылайық.

Жаңа – “Yori-I жойбары шеңбериндеги U-HOPE 2025”  ашылыў мәресиминде шығып сөйлегенлер тәрепинен бул жойбардың аймақта жумыс орынларын жаратыў, жергиликли экономикалық раўажланыўға ерисиў ҳәм исбилерменликке алдынғы тәжирийбелерди енгизиў, аймақтың экспорт потенциалын және де арттырыўдағы айрықша әҳмийетине тоқтап өтти.

Менторлар таярлаў ҳәм жергиликли исбилерменлерди оқытыў бойынша “Бизнести раўажландырыў банки” АКБ ҳәм Ямагата университети арасында дүзилген бирге ислесиў келисими избе-излик пенен, нәзерде тутылған мүддетлерде тийкарғы мақсеттен аўыспаған ҳалда орынланып киятырғаны атап өтилди.

Бул болса, елимизде исбилерменлик орталығын және де жақсылаў ҳәм халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыўға қосылып атырған мүнәсип үлес болып есапланады.

Себеби, “Yori-I жойбары шеңбериндеги U-HOPE 2025” жойбары шеңбериндеги оқыўлар жедел басланды ҳәм бир неше басқышта билим алған, сынақлардан өтип менторлық талапларын жақсы орынлаған жаңа, жергиликли исбилерменлер тәрепинен өткерилиўи келешекте және де көплеген исбилерменлерди Япония тәжирийбеси тийкарында оқытыў имканиятларын сезилерли дәрежеде арттырады.

 

ӨзА

Банк мәлимлеме-хызмети