Студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды

Қарақалпақстан медицина институтында 350 орынлық жаңа студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды. Салтанатлы илажда институт жәмәәти, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы илажда усы институт ректоры О.Ҳалимов шығып сөйлеп, жаслар ушын жаратылған шараятлар, атап айтқанда, студентлерди турақ жай менен тәмийинлеўге қаратылған жумысларға тоқтап өтип, бәршени усы қуўанышлы ўақыя менен қутлықлады.
Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде студент-жасларды қолайлы жасаў шараятлары менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Бул турақ жайдың мәмлекетлик ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы алдында пайдаланыўға тапсырылыўы студент-жаслар ушын үлкен саўға болды.
Бул бағдардағы ҳәрекетлер “Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық, 2030-жылға шекем қосымша 150 мың орынлық студентлер турақ жайларын қурыў ўазыйпалары менен үзликсиз байланыслы.
Институттың студентлер турақ жайын қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў – алыс аймақлардан келген ҳәм кем тәмийинленген студентлер ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз билимлендириў орталығын жаратыў, олардың оқыўға болған имканиятларын кеңейтиў болып есапланады. Турақ жайда ҳәр бир хана 3 ямаса 4 студентке мөлшерленген болып, ол өз алдына ханалар системасы тийкарында шөлкемлестирилген.
Секция ишинде, өз алдына заманагөй асхана, санузел ҳәм душ кабиналары, жоқары сапалы турмыслық техника ҳәм мебельлер, ысытыў-суўытыў системалары бар.

Оңлаў жумысларына институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 6 млрд. сумға шамалас қаржы жумсалды. Студентлер турақ жайында жаратылатуғын қолайлы шараятлар студентлердиң билим алыў процесин және де нәтийжели ҳәм мазмунлы шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги