Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкиллериниң биринши ушырасыўы болып өтти

125

Аўғанстан ғалаба хабар қуралларында усы жылдың 26-август күни Ташкентте Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкиллериниң биринши ушырасыўын кеңнен жарытпақта, деп хабар бермекте “Дунё” МА.

Соның ишинде, “Afghanpaper.com” электрон сайтында жәрияланған мақалада Ташкенттеги мәжилисте Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан ўәкиллери Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай ҳәм биргеликтеги бирге ислесиў перспективаларын додалағаны атап өтилген.

Ушырасыў бийғәрез байланыс топары сыпатында шөлкемлестирилгени, оннан гөзленген мақсет болса Аўғанстанның имканиятлары менен машқалаларын үйрениў ҳәм оларға регионаллық бирге ислесиўде шешим табыў екени атап өтилген.

“Сөйлесиўде қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў зәрүрлиги, саўда ҳәм транзит байланысларын тиклеў, мәдений раўажланыў ҳәм гуманитарлық жумыс сыяқлы мәселелер додаланды. Орайлық Азия мәмлекетлериниң ўәкиллери Аўғанстанда турақлы тынышлықты тәмийинлеў бойынша биргеликтеги стратегиялар ислеп шығыў зәрүрлигин мәлим етти”, – деп жазылған.

Аўғанстан электрон басылымы, сондай-ақ, бул байланыс топарының шөлкемлестирилиўи қоңсы мәмлекетлердиң Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўындағы ролин арттырыў ҳәм мәмлекеттеги турақсызлықтың регион ушын ақыбетлерин жумсартыў жолындағы жаңа қәдем болыўы мүмкин екенлигин айрықша атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги