Өзбекстанда ҳаял-қызларды IT тараўына тартыў бойынша әҳмийетли баслама

Өзбекстанда ҳаял-қызларды мәлимлеме технологиялары тараўына тартыў жолында және бир әҳмийетли қәдем тасланбақта. “GAP Women IT Union” ҳаял-қызлар IT-клубы”Арзыўдағы кәсипке және бир қәдем” атамасында ушырасыў өткерди.
Илаж жас қызлардың кәсиплик раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, заманагөй көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм оларды халықаралық компаниялар талапларына бейимлестириўге қаратылған.
Илажда Санлы технологиялар министриниң кеңесгөйи Камола Собирова ҳәм басқалар ҳаял-қызлардың IT тараўындағы орнын және де арттырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
– Биз ҳаял-қызларды өз потенциалына исениўге шақырыў, ишки күшин жүзеге шығарыў ҳәм IT тараўында турақлы карьера ҳәр бир қыз ушын ашық екенин әмелде көрсетиўимиз зәрүр. Бундай ушырасыўлар оларға жетекши қәнигелерден үйрениў ҳәм келешек режелери ушын илҳам алыў имканиятын жаратады, – деди Камола Собирова.
Сондай-ақ, статистика да буған дәлил болады. Егер 2018-жылы жоқары билимлендириў мәкемелеринде МКТ бағдарларында шама менен 3 мың 300 қыз билим алған болса, 2024-жылға келип олардың саны 17 мың 700 ден артқан. Кейинги еки жыл ишинде GAP жойбары пүткил республика бойлап мыңнан аслам қатнасыўшыны қамтып алды. Олардың көпшилиги жетекши компанияларда жумыс баслады ямаса стажировка өтеў имканиятына ийе болды.
Өзбекстан халықаралық рейтинглерде де өз орнын беккемлеп бармақта. БМШтың Электрон ҳүкимет раўажланыў индексинде мәмлекет 87-орыннан 63-орынға көтерилди. Global Startup Ecosystem Index рейтингинде де турақлы өсим көрсетилди.
Бундай басламалар мәмлекетте IT қәнигелерине болған талап артып атырғанын ҳәм ҳаял-қызлардың тараўға жедел тартылыўы стратегиялық әҳмийетке ийе болып атырғанын көрсетеди. Соның ушын “GAP Women IT Union” “Санлы Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Нигора Раҳмонова, ӨзА