Кино – халқымыздың миллий мақтанышы ҳәм тарийхын сәўлелендириўдиң ең күшли қуралы

Мүнәсибет
Елимиз ғәрезсизликке ерискенине отыз төрт жыл толыўы мүнәсибети менен мәмлекетимиз бойлап бир қатар байрам илажлары өткерилмекте.
Бүгин Ташкент қаласында өткен мәресимде ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет етип киятырған пидайы ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Илажда мәмлекетимиз басшысы барлық ўатанласларымызды Ғәрезсизлик байрамы менен қызғын қутлықлады. Мәмлекетимизде қолға киргизилип атырған жетискенликлер ҳәм әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарында халқымыздың мәртлиги, аўызбиршилиги ҳәм пидәкерлик мийнети жатырғанын атап өтти.
Мәресимнен соң Өзбек Миллий академиялық драма театрының актёры Саида Раметова менен сәўбетлесиў имканиятына ийе болдық.

– Бәринен бурын, елимиз ғәрезсизлигиниң қуўанышлы күнлеринде халқымыздың меҳири ҳәм мәмлекетимиздиң итибарын сезинип, “Өзбекстан Республикасы халық артисти” атағы менен сыйлықланғанымнан шексиз қуўанышлыман. Бул жоқары итибар тек ғана өзиме емес, ал пүткил театр ҳәм кино тараўына болған ҳүрмет белгиси болып есапланады.
Кейинги жылларда көркем өнер ҳәм мәдениятқа, әсиресе, кино тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Жаңа кинофильмлер, театр сахналарында жаратылып атырған шығармалар арқалы халқымыздың тарийхый өтмишин, руўхый дүньясын ҳәм заманагөй турмысын кеңнен сәўлелендириў имканияты пайда болды.
Кейинги жыллары миллий киномыз әдеўир жанланғанын тәкирарлаўдан шаршамайман. Усы тараўдың ўәкили сыпатында бул реформалардың нәтийжесинен мақтанаман. Буның ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдириўимиз керек. Биз дөретиўшилерди кино көркем өнерин раўажландырыў ушын және нелер ислеўимиз керек, деген сораў бәрқулла қыйнап турыўы керек.
Тарийхымызды дүньяға танытпақшы болсақ, халқымыздың миллий мақтанышын көтериўди қәлесек, кино көркем өнерин раўажландырыўымыз керек. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ислеп шығылған “Тири тарийх” сериясы шеңбериндеги фильмлер жойбары тийкарында избе-из картиналар жүзеге шығарылмақта. Ең әййемги өтмишимизден баслап, жақын тарийхымызға шекемги оғада үлкен дәўир қамтып алынбақта. Жаратылып атырған фильмлердиң темасы болса кең ҳәм рәңбәрең.
Маған берилген сыйлық пүткил жәмәәтимизге және де жуўапкершилик жүклейди. Келешекте де театр ҳәм кино сахнасында халқымыздың мәнаўиятын байытыўға, жас әўладқа үлги болатуғын қаҳарман образларды жаратыўға ҳәрекет етемен. Елимиздиң мәденияты ҳәм кино санаатының раўажланыўына хызмет етиў мениң ең тийкарғы арзыў-нийетлеримнен бири болып қалады.
ӨзАның хабаршысы Икром АВВАЛБОЕВ жазып алды.