Нөкис Амфитеатрында ғәрезсизлик кешесине таярлық көрилмекте

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гәрезсизлигине 34 жыл: «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астында өтетуғын байрам илажына Нөкис қаласындағы Орайлық Амфитеатрда қызғын таярлық көрилмекте.

Байрам кешеси өзгеше болыўы күтилмекте. Себеби, илаж даўамында абырайлы көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып бериледи. Сондай-ақ, миллий аяқ ойынлар ҳәм қосықлар, ўатансүйиўшилик руўхындағы сахналық көринислер, жаслардың басламасы менен таярланған арнаўлы композициялар тамашагөйлерде үлкен тәсир қалдырады.

Салтанатлы кеше заманагөй технологиялар менен үйлескен ҳалда, миллий қәдириятларымызды улығлаў ҳәм ғәрезсизликтиң 34 жыллық даңқлы жолын еске алыўға бағышланады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери