Өзбекстанда халықтыӊ саны 38 миллионға жетти
144

Миллий статистика комитетиниӊ мағлыўматларына бола, 2025-жыл 28-август күни саат 9:35 жағдайына Өзбекстан Республикасы турақлы халқының саны 38 миллионға жетти.
Халықтың жыныслық қурамы төмендегише бөлистирилген:
Еркеклер – 19 миллион 136,8 мың адам
Ҳаяллар – 18 миллион 863,2 мың адам
Мәмлекеттиң турақлы халқы қурамында ер адамлар саны ҳаял-қызларға салыстырғанда 273,6 мыңға көп.
Ҳамроз Баянов,
ӨзА