Қуяш жарылыўында еки айлық рекорд тәкирарланды

“Қуяшта М категориялы жарылыў бақланыўы даўам етпекте. Бундай ҳәдийсе ақырғы мәрте еки ай бурын бақланған. Бул жуўмақ Россия Илимлер академиясы Космослық изертлеў институты Қуяш астрономиясы лабораториясының есабатында келтирилген.
– Қуяшта жаңа күшли жарылыў бақланды, – делинеди Лаборатория өзиниң социаллық тармақтағы бетинде тарқатқан хабарда. – Қабыл етилген рентген шкаласы бойынша өлшенген ҳәдийсе М4.52 балл менен баҳаланған. Кейинирек дизимге алынған М4.56 жарылыўы усы жылдың 20-июнинен берли ең ириси болды. Усы тәризде, илимпазлардың пикиринше, еки айлық рекорд тәкирарланған.
Жақын арада жулдызымызда буннан да күшли ўақыялар жүз бериўи итималы жоқары, деп анықлық киргизилген жағдайға. Бир түнде Қуяш әдеўир белсенди болып, ҳәзирги тенденцияға тийкарланып, 24 саат ишинде ең жоқары Х дәрежесинен өтип кетиўи мүмкин, делинген есабатта.
Қәнигелер Қуяш-Жер сызығынан 50 градус аралықта жайласқан ең белсенди қуяш орайлары күн даўамында Жер бағдарына шама менен 15 градусқа жақынласқанын атап өтпекте. Бундай жылжыў қәўипсиз есапланса да, қәўетерсиз деп болмайды. Яғный, белгили бир қәўипсизлик шегарасына шекем барылған. Сол себепли тез арада Жердеги магнит боранының глобал болжаўы өзгериўи мүмкин.
– Тийкарғы қызығыўшылық елеге шекем Қуяштағы жарылыў энергиясы резервине байланыслы болып қалмақта, – деп қосымша етилген есабатта. – Бақланған жедел процесс бес күн алдын, Жерге жетип келген дақ топары еле узақта болған ўақытта басланған. Бес күнлик үзликсиз жарылыў ушын мисли көрилмеген қуўат жумсалыўы керек еди ҳәм Қуяшта жарылыў белгилери көриниўи мүмкин еди. Демек, бундай жағдай еле жүз бермеген.
Шешиўши күн сыпатында болжанып атырған сәнеде күн даўамында жалын активлиги төменлесе, ҳәптениң екинши ярымында, дақ топары Қуяш-Жер сызығына жақынласқанда жулдыз тынышланыўы мүмкин. Болмаса, сәршемби-пийшембиден баслап Жерге тәсир, дерлик, сөзсиз болады.
С.Раҳимов, ӨзА