Трамп: Қубла Корея – КХДР саммитин өткериў керек

АҚШ Президенти Дональд Трамп Қубла Корея Президенти Ли Чже Мён менен ушырасыў ўақтында КХДР менен саммит өткериў идеясын алға қойды.
– Биз еки мәрте саммит өткердик, ҳәзир жүдә дослық қатнастамыз… ҳәм егер Хиллари Клинтон сайлаўда жеңип шыққанында бул ўақыя жүз бермес еди, апатшылық жүз берген болар еди, – деди Америка жетекшиси сеулли кәсиплесине. – Енди Арқа менен Кубла арасында бир нәрсе ислеўимиз мүмкин, деп ойлайман. Маған дус келген Қубла Кореяның басқа жетекшилерине қарағанда сиз әне, усы мәселеге әдеўир таярсыз.
С.Раҳимов, ӨзА