Германия жетекшиси Путин ҳәм Зеленскийдиң ушырасыўына мүнәсибет билдирди

92

Германия Канцлери Фридрих Мерц Россия Президенти Владимир Путин ҳәм Украина жетекшиси Владимир Зеленский жақын арада ушыраспаса, “топ және европалылар ҳәм америкалықларда қалатуғынын” ҳәм Россия Федерациясына қарсы санкция күшейтилетуғынын атап өтти. Бул пикир Канада Бас министри Марк Карни қатнасыўындағы биргеликтеги баспасөз әнжуманында айтылды. Бул илаждың трансляциясы Германия ҳүкимети бетинде көрсетилген.

– Биргеликте еки ҳәпте ишинде Зеленский ҳәм Путинниң ушырасыўына үмит билдирдик. Бул ушырасыў, келисилгениндей тезирек өткерилмесе, топ және бизде қалады – европалылар ҳәм америкалыларды нәзерде тутып атырман. Кейин бул бойынша және мәсләҳәтлесемиз. Егер Россия тәрепи сөйлесиў орнына бармаса, және де көбирек басым талап етиледи. Европа Аўқамы кейинги санкция режесин дүзип атыр. Америка Президенти де қосымша жаза бажысы енгизилиўин бийкарламады. Европа ҳәм Қурама Штатлар Украина менен биргеликте итималлы қәўипсизлик кепиллигин ислеп шықпақта. Биринши мақсет – Украина армиясының узақ мүддет мәмлекетти қорғай алыўын тәмийинлеў.

Еслетип өтемиз, өткен ҳәптеде Трамп Ақ үйде Зеленский ҳәм Европа Аўқамы жетекшилерин қабыллады. Алдын ол Путин ҳәм Зеленский менен үш тәреплеме ушырасыў өткериў имканияты бул сөйлесиўдиң табыслы болыўына байланыслы екенин бийкарламаған еди.

С.Раҳимов, ӨзА