Өзбекстан ҳәм Австрия Илимлер академияларының биргеликтеги биринши симпозиумы болып өтти (+видео)

Венада (Австрия) Өзбекстан Илимлер академиясы (ӨзР Илимлер академиясы) ҳәм Австрия Илимлер академиясы менен биргеликте “Био Медицина: Шегарасыз илим” атамасында тарийхый әҳмийетке ийе симпозиум болып өтти.
Еки мәмлекет Илимлер академиялары тәрепинен биринши мәрте өткерилген бул ири халықаралық илимий әнжуманға жетекши илимпазлар, медицина орайлары, университетлер ҳәм санаат ўәкиллери қатнасты.
Илажға Өзбекстан тәрепинен ӨзР ИА вице-президенти Шаҳло Турдикулова басшылық етти.
Симпозиум жумысын Өзбекстанның Австриядағы елшиси Бахтиёр Ибрагимов ашып берди ҳәм симпозиум жумысына әўмет тиледи.
Әнжуманда биомедицина тараўындағы әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, геномика ҳәм иммунология, регенератив медицина ҳәм мәлимлеме технологияларына тийкарланған диагностика бойынша илимий изленислер додаланды. Лекцияларда австриялы илимпаз Георг Штингл аутоиммун кеселликлер ушын жаңа емлеў усылларына байланыслы изертлеў нәтийжелерин усынды.
Өзбекстанлы изертлеўши, ИА академиги – Равшан Сабиров иммун системасындағы тимус клеткалары – тимоцитлерде клетка көлемин басқарыўда қатнасатуғын арнаўлы ион каналларын(VSOR/VRAC) үйрениў ҳәм олардың жумысына тәбийғый затлар жәрдеминде тәсир өткериў бойынша изертлеў нәтийжелерин усынды. Бул изертлеў иммун системасы раўажланыў процесслерин тереңирек түсиниўге жәрдем бериўи күтилмекте.
Сондай-ақ, COVID-19 пандемиясы тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда жуқпалы кеселликлерге қарсы вакцина жаратыў мәселесине байланыслы мағлыўматлар, климат өзгериўи ҳәм урбанизацияның аллергия тенденцияларына тәсири темаларында сөз етилди. Буннан тысқары, 2-тур қантлы диабет ҳәм байланыслы жүрек-қан тамыр кеселликлери раўажланыўы ушын қәўип маркерлерин анықлаў бойынша изертлеўлер баян йетилди.
Симпозиум процесинде сораў-жуўап сессиялары ҳәм ашық сөйлесиўлер арқалы еки мәмлекет илимпазлары бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеп алды.
Онда биргеликтеги изертлеўлер ушын тийкарғы темаларды анықлаў, халықаралық грантлар ҳәм фондлар шеңберинде қаржыландырыў имканиятларын үйрениў, докторлық ҳәм постдокторантура стажировкалары ушын биргеликтеги бағдарламаларды ислеп шығыў, сондай-ақ, мастер-класслар ҳәм семинарларды шөлкемлестириў бойынша жумысшы топарларды дүзиў басламасы қоллап-қуўатланды.
ӨзР ИА вице-президенти Шаҳло Турдикулова симпозиумды жоқары баҳалап, бул бирге ислесиў еки мәмлекет илимлер академиялары тарийхында жаңа бет ашқанын атап өтти:
“Өзбекстан ҳәм Австрияның илимий жәмәәтлери арасында бундай абырайлы бирге ислесиў симпозиумының биринши мәрте өткерилиўи илимлер академиялары тарийхы ушын әҳмийетли ўақыя болды. Бүгинги ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм илимий пикир алысыў биз ушын жаңа жоллар ашты, биргеликтеги жойбарлар, жас илимпазлар алмасыўы ҳәм инновациялық платформалар ушын тийкар жаратты. Бундай абырайлы симпозиумларда қатнасыў тек ғана илимий идеялар алмасыў емес, ал Өзбекстанның халықаралық илимий майдандағы абырай-мәртебесин және де көтериўге хызмет етеди”, дейди Шаҳло Турдикулова.
Илаж жуўмағында симпозиум материаллары ҳәм усыныс етилген жол картасы жақын күнлерде ҳәр еки академияның жуўапкер бөлимлери тәрепинен додалаўға шығарылатуғыны атап өтилди.
Бул симпозиум Өзбекстан ҳәм Австрия илимий жәмийетшилиги арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа басқышы болып, глобаллық денсаўлықты сақлаў тараўындағы машқалаларға биргеликте шешим табыў имканиятын және де кеңейтпекте.
Моҳичеҳра Эшмирзаева, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА