Қосымша мәмлекетлик грант ҳәм жоқары билимлендириў шөлкеми грантының нәтийжелери қашан жәрияланады?

Қосымша мәмлекетлик грант ҳәм жоқары билимлендириў шөлкеми грантының нәтийжелери қашан жәрияланатуғыны айтылды. Бул ҳаққында “Тәлим қадағалаўы” Телеграм-каналы мағлыўмат берди.
Онда айтылыўынша, мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға кирип, белгили бир оқыў жылы бойынша GPА көрсеткиши 4 ҳәм оннан жоқары болған студентлерге гезектеги оқыў жылы ушын қосымша мәмлекетлик грант бериледи.
Белгиленген режеге бола, талабанлар өз арзалары менен ҳәр жылы 20-июльға шекем жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайты арқалы дизимнен өтеди. Арнаўлы комиссия тәрепинен талабанлардың мағлыўматлары көрип шығылғаннан соң, қосымша мәмлекетлик грант усынылған студентлер ҳәр жылы 5-сентябрьге шекем жоқары билимлендириў шөлкеми тәрепинен хабардар етиледи.
Буннан тысқары, ҳүкимет қарары менен финанслық еркинлик берилген жоқары билимлендириў шөлкеминде GPА көрсеткиши 3,3 тен 4 ке шекем болған белгиленген категориядағы студентлерге гезектеги оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў шөлкеми гранты берилиўи белгиленген.
Финанслық еркинлик берилген жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәр жылы өзлериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 1 миллиард сумға шекемги муғдарда жоқары билимлендириў шөлкеминиң грантын усынады.
Онда жоқары билимлендириў шөлкеми гранты усынылған студенттиң GPА көрсеткиши:
3.3-3.39 болғанда – төлемли-контракт суммасының 20 проценти;
3.4-3.49 болғанда – төлемли-контракт суммасының 30 проценти;
3,5-3,59 болғанда – төлемли-контракт суммасының 40 проценти;
3,6-3,69 болғанда – төлемли-контракт суммасының 50 проценти;
3,7-3,79 болғанда – төлемли-контракт суммасының 60 проценти;
3,8-3,89 болғанда – төлемли-контракт суммасының 70 проценти;
3,9-3,99 болғанда – төлемли-контракт суммасының 80 проценти муғдарындағы бөлеги усы жоқары билимлендириў шөлкеминиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаплап бериледи.
Талабанлар өз арзалары менен ҳәр жылы 20-июльға шекем жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайты арқалы дизимнен өтеди. Нәтийжелер болса ҳәр жылы 5-сентябрьге шекем жәрияланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги