Сенаторлар Өзбекстанның Түркия ҳәм Австриядағы дипломатлары әмелге асырып атырған жумысларға итибар қаратты

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилисинде Өзбекстанның Түркия ҳәм Австриядағы дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының есаплары тыңланды.
Бул есабатларда мәмлекетлераралық қатнасықларды раўажландырыў, инвестицияларды тартыў, миллий өнимлердиң экспортын арттырыў, сырт ел туристлерин тартыў, жоқары дәрежедеги сапарлар шеңберинде қабыл етилген “жол карталары”н орынлаў мәселелерине итибар қаратылған.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен сыртқы сиясатымыздың тийкарғы мақсети – елимизге сырт ел инвестицияларын тартыў, миллий өнимлеримиздиң дүнья базарындағы үлесин арттырыў ҳәм Өзбекстанның халықаралық имиджин беккемлеў белгилеп берилгенине және бир мәрте итибар қаратылды.

Өзбекстанның Түркия ҳәм Австриядағы дипломатиялық ўәкилханалары тәрепинен 2024-2025-жылларда саўда-экономикалық, инвестиция, экспорт, логистика, транспорт, аўыл хожалығы, илим, мәденият, туризм ҳәм сыртқы миграция сыяқлы әҳмийетли тараўларда бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиў және тийисли “жол карталары”нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәр тәреплеме додаланды.

Атап айтқанда, Президентимиздиң басшылығында усы жыл 30-июль күни мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспортын көбейтиў, 13-август күни тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары менен резервлерди иске қосыў бойынша видеоселектор мәжилислеринде елшиханаларға экспортшы кәрханаларға сырт елде базар табыў, миллий өнимлерге сертификат ҳәм руқсатнамалар алып бериў, сырт елде саўда үйлери ҳәм қоймаханалар шөлкемлестириў, сырт ел брендлерин алып келиў ҳәм кәрханаларымызға сертификатлар алып бериў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул дипломатиялық ўәкилханалардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм машқалаларды сапластырыўда олардың жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер және жергиликли кеңеслер менен турақлы ҳәм тиккелей байланысларын жолға қойыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Бул мәмлекетлерде ўақтынша болып турған Өзбекстан пуқараларына сапалы консульлық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў, саўда үйлери ҳәм жергиликли компаниялар менен байланысларды жеделлестириў, сондай-ақ, өзбекстанлы исбилерменлерге жақыннан жәрдем бериў ҳәм мәмлекеттиң саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық мәплерин алға қойыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тийисли усыныслар берилди.
Мәжилисте тийисли қарар қабыл етилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА