Қоңырат-Мойнақ магистрал суў тармағы қурылады

127

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды және де жеделлестириў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған бағдарламаға муўапық, ишимлик суўы тармақларын жақсылаў бойынша жумыслар жеделлеспекте,-деп хабар бермекте “Қарақалпақ суў тǝмийнаты” АЖ баспасөз хызмети.

Қарар менен узынлығы 97 километр болған Қоңырат-Мойнақ магистрал суў тармағын қурыў белгиленген. Сондай-ақ, Түйемойын суў тазалаў объектин толық реконструкциялаў (суў тындырғыш қурыў) жумысларына Азия раўажланыў банкиниң «Климат өзгериўине бейимлескен суў тәмийнаты системасын раўажландырыў» жойбары шеңберинде 70,0 миллион доллар қарыз қаржыларын бағдарлаў бойынша сөйлесиўлер әмелге асырылады ҳәм нәтийжеси бойынша усыныслар Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиледи.

Азия раўажланыў банки менен биргеликте жойбаралды ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм жумысларды баслаў белгиленди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги