“Қанлыкөл районы ҳәкимлиги кубоги” ушын таңлаў болып өтти

Қанлыкөл районындағы “Жаслар сейили” орайында өткерилген “Дигирман-шоу”да “Қанлыкөл районы ҳәкимлиги кубоги” ушын таңлаў болып өтип, оған республикамыздың районларынан келген ең күшли командалар қатнасты.
Таңлаўды район ҳәкими Б.Султанов ашып берди ҳәм барлық командаларға әўмет тиледи.
Жарыс даўамында командалар өзлериниң қызықлы тамашалары менен жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Таңлаўда командалар өзлериниң «Сәлемлесиў», «Биатлон», тамашагөйлер менен «Сораў жуўап» шәртлери бойынша шығыўларын юмор-сатиралық сахналық көринислер арқалы жыйналғанлардың нәзерине усынды.
Қызықлы өткерилген илажда командалар бирдей дәрежеде сахнада өз шеберликлерин көрсетип, ҳәзил-күлки, тапқырлық ҳәм сахна көринислери арқалы тамашагөйлердиң итибарын тартыўға ҳәрекет етти.
Таңлаў жуўмағында Шоманай районының “Город Шоманай” ҳәм Нөкис қаласының “Нукус сити” командалары сыйлы биринши орынды ийеледи. Екинши орын Хожели районының «Хожалар» ҳәм Нөкис қаласының “Вивиан Легенд” командаларына берилди. Қанлыкөл районының “Ҳәкимниң мурындық балалары” командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз командаларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, кубоклар тапсырылып, ақшалай сыйлықланды.
Әлбетте, бундай басламалар жаслардың кеўлинде өз-ара исеним, жуўапкершилик ҳәм жетекшилик пазыйлетлерин беккемлеўге ҳәм жаслардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм эстетикалық талғамын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги