Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен ишки сяхатларға шегирмелер жәрияланды

152

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимизде ишки туризмди раўажландырыў, халықтың туризм хызметлеринен кеңнен пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ,  ўатанласларымызға  қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде бир қатар жеңилликлер  енгизилмекте.

Соның ишинде, туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен республика бойлап жумыс  ислеп атырған жайластырыў қураллары (мийманлар, мийманханалар, хостеллар) ҳәм «Вақф»  қайырқомлық фонды ҳәм Мәдений мийрас агентлигиндеги  мәдений мийрас абъектлерине кириў билетлерине 20 процентке шекем шегирмелер  енгизиледи.

Бул шегирмелер Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен енгизилген болып, олардың тийкарғы мақсети – пуқараларымызды елимиздиң тарийхый, мәдений ҳәм тәбийғый байлықлары менен таныстырыў, ишки туризм потенциалын және де арттырыўдан ибарат.

Шегирмелер төмендеги бағдарларды қамтып алады:

– Мәдений  мийрас объектлери, музейлер ҳәм естеликлерге кириў билетлери;

– Жайластырыў  қуралларында хызмет баҳаларына;

– Айырым экскурсия ҳәм саяхат хызметлерине.

Ҳәзирги ўақытта, туризм тараўының ўәкиллери ҳәм жергиликли  ҳәкимликлер менен биргеликте  түрли  мәдений-кеўилашар илажлар, ишки туризм ярмаркалары ҳәм байрам акцияларын шөлкемлестириў бойынша да жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги