Япония сыртқы ислер министри Самарқандқа келди

115

Рәсмий сапар менен елимизге келген Япония сыртқы ислер министри Такеши Ивая басшылығындағы делегация 26-август күни Самарқанд қаласында болды.

 Мийманларды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Б.Усмонов ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң жуўапкерлери күтип алды.

Япониялы дипломат дәслеп “SamAvto” заводында болып, өндирис процесслери менен танысты. Бул кәрханада 2007-жылдан берли “ISUZU Motors Ltd” компаниясы ҳәм “Itochu”корпорациясы менен биргеликте “ISUZU” шассиси тийкарында автобуслар ҳәм жүк машиналары, арнаўлы техникалар ислеп шығарылмақта. Заманагөй, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын бул техника қураллары ишки базар менен бирге сырт елге экспорт етиледи.







Буннан соң делегация Самарқанд районындағы “Бобур агро инновация” фермер хожалығында болды. Бул жерде Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) жәрдеминде усы мәмлекеттен алып келинген алма сортлары тәрбияланбақта.

Такеши Ивая фермер менен сәўбетлесиў ўақтында хожалықта алма ҳәм жүзим жетистириўдиң өзине тән тәреплери, қолланылып атырған инновациялық усыллар менен қызықты. Жергиликли ҳәм сырт елден алып келинген алма сортларының ҳаўа-райы шараятына бейимлесиўшеңлиги ҳәм кеселликлерге шыдамлылығы, сапасы, сатып алыўға қолайлылығына итибар қаратылды.

Япония сыртқы ислер министри Самарқандтағы тарийхый-мәдений естеликлерде де болып, халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәденияты, ата-бабаларымыздың дөретиўшилик потенциалы ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.

 

Ғолиб ҲАСАНОВ,  ӨзАның хабаршысы