«Белсенди турмысқа қәдем» бағдарламасы жолға қойылды

111

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2025-жыл 8-майда қабыл етилген ПҚ-171-санлы қарар – «Басқалардың күтимине мүтәж шахсларға социаллық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ҳүжжет халықтың социаллық қорғалыўын беккемлеў ҳәм мүтәж шахсларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли реформаларға жол ашып берди.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районында да «Белсенди турмысқа қәдем» бағдарламасы шеңберинде жаңа түрдеги социаллық хызметлер енгизилди. Интакер исбилермен – жеке тәртипте жумыс алып барыўшы Атабек Сарсенбаев тәрепинен басқалардың күтимине мүтәж шахслар ушын 3 түрдеги хызмет жолға қойылды:

үй шараятында социаллық-турмыслық жәрдем көрсетиў;

үй шараятында күтиў;

күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў.

Хызметлерден пайдаланыўшылар саны артып бармақта.

Бағдарлама шеңберинде социаллық хызметлерден пайдаланыўшылардың саны басқышпа-басқыш артпақта. Соннан:

2025-жыл 24-июньнан баслап 3 пуқара күндизги қатнаў тийкарында қараў хызметинен пайдаланбақта;

60 жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға үй шараятында социаллық-турмыслық жәрдем көрсетилип келинбекте;

2 шахсқа үй шараятында күтим хызмети, сондай-ақ, 3 шахсқа медициналық-социаллық реабилитация хызмети жолға қойылды.

68 пуқара бағдарламадан пайдаланбақта.

Бүгинги күнге келип, Нөкис районы бойынша жәми 68 басқалардың күтимине мүтәж шахс «Белсенди турмысқа қәдем» бағдарламасы шеңбериндеги хызметлерден пайдаланбақта.

Бул баслама тек ғана халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиўге емес, ал мүтәж шахслардың турмыс сапасын жақсылаўға да хызмет етпекте.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы