Улыўма миллий аўызбиршилик – жәмийетти раўажландырыўдың тийкары

Беруний районында болып өтип атырған “Улыўма миллий аўызбиршилик Фестивалы” шеңбериндеги илажлар елимизде инсан қәдири, социаллық татыўлық ҳәм абадан турмыс жолында алып барылып атырған реформалардың әмелий көринисине айланды. Бул фестивальда Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының депутатлары белсене қатнасып, халықтың социаллық талапларын үйрениў, оларды қоллап-қуўатлаў жолында нәтийжели жумыслар алып бармақта.
Фестиваль шеңберинде “Инсан” социаллық хызметлер орайы менен биргеликте Беруний районындағы Истиқлол мәҳәллесинде имканияты шекленген балаларға мөлшерленген күндизги тәрбиялаў хызметине әмелий сапар шөлкемлестирилди. Бул мәкемеде тәрбияланып атырған балалардың жағдайынан хабар алынып, олардың раўажланыўында унамлы өзгерислер бақланды.
Сондай-ақ, Пахтакор мәҳәллесинде “Асадали” ЖШЖ тәрепинен үй шараятында шөлкемлестирилген күндизги тәрбия бериў хызметинде жалғыз, кекселер ҳәм майыплығы болған пуқараларға көрсетилип атырған хызметлер көзден өткерилди. Бул жерде 18 жастан үлкен халық қатламына 5 түрдеги социаллық хызметлер көрсетилмекте. “Инсан қәдири ушын” сүрени астында өткерилген сөйлесиўлер ўақтында депутатлар нураныйлар менен қызғын пикирлесип, олардың усыныс ҳәм машқалаларын тыңлады.


Жаслар менен ислесиў мәселесинде де фестиваль шеңберинде әҳмийетли басламалар әмелге асырылды. “Абадан турмысқа биринши қәдем” бағдарламасы тийкарында шөлкемлестирилген бизнес тренинглер арқалы жас әўладқа исбилерменлик көнликпелери берилди. Бул процессте депутатлар тәрепинен жаслардың идеялары қоллап-қуўатланып, оларға әмелий мәсләҳәтлер берилди. Коммерциялық банк ўәкиллери ҳәм исбилерменлердиң қатнасыўындағы семинарлар жаслар ушын пайдалы болып, оларда үлкен қызығыўшылық оятты.


Фестиваль шеңберинде депутатлар халықтың түрли қатламлары менен тиккелей пикирлесип, олардың турмысын жақсылаў, социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў жолында өзлериниң әмелий жумысларын және бир мәрте көрсетти. Бул болса партияның халыққа жақын болыў, оның мәплерине хызмет етиў бағдарындағы тийкарғы бағдарларын анық көрсетип бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги