Банклердиң кредит қойылмалары 1 триллион сумға өсип, 576,2 триллион сумға жеткен

Орайлық банк мағлыўматларына бола, июль айында банклердиң кредит қойылмалары 1 триллион сумға өсип, 576,2 триллион сумға жеткен. Онда усақлап сатыў кредитлериниң қалдығы 4,9 триллион сумға өскен болса, корпоратив кредитлердиң қалдығы 3,9 триллион сумға азайған.
Бүгинги күнде банклердиң тийкарғы өними микроқарызлар болып қалмақта. Июль айы даўамында микроқарызлар қалдығы 3,1 триллион сумға көбейген. Ипотеканы қаржыландырыў үш айлық төменлеўден кейин жеделлескен (+1,3 трлн.сўм).
Бир жылдан соң автокредитлер қалдығы және өсе баслаған (+147 млрд.сум). Басқа да деп классификацияланған кредитлер де тез өспекте (+312 млрд.сум).
Машқалалы кредитлер өткен шерек ақырындағы ҳәкимшилик қысқарыўдан кейин және өсиўи даўам етпекте. NPL қалдығы 684 миллиард сумға көбейип, 22,6 триллион сумға жеткен.
Ш.Маматуропова, ӨзА