Журналистикада хабар – ўақыяның нусқасы, театр сахнасы емес

204

Бүгинги күнде мәлимлеме ағымы мисли көрилмеген дәрежеде тезлести. Ҳәр бир инсан смартфоны арқалы қәлеген ўақытта мыңлаған хабарларға дус келеди. Сол себепли аудитория итибарын тартыў, оларды хабарға байланыстырып турыў, исенимли мағлыўмат жеткериў журналист ҳәм ғалаба хабар қураллары алдында турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Соның менен бирге, хабардың мәниси ҳәм журналистлик нормаларға муўапықлығы мәселеси бәрқулла әҳмийетли болып қалады.

Дәстүрий журналистика теориясында хабар төмендеги тийкарғы принциплерге әмел етиўи керек: Анықлық, яғный ҳәр бир мағлыўмат фактлерге тийкарланған болыўы ҳәм исенимли дереклерге ийе болыўы керек ҳәм әлбетте қалыслықты да талап етеди. Журналист хабарда жеке пикирлери яки сезимлерин араластырмаўы лазым. Актуаллық та үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, хабар ҳәзирги ўақыт ушын әҳмийетли ҳәм жәмийетте додаланып атырған темаларға тийисли болыўы керек. Аудиторияның ўақтын үнемлеп, зәрүрли тийкарғы мағлыўматлар менен хабарлар қысқа ҳәм анық жеткерилиўи керек. Мәлимлемениң дереги анық көрсетилиўи жураналстиканың тийкарғы этикалық талабы болып табылады.

Жоқарыдағылар классикалық журналистика талаплары есапланады. Бирақ заманагөй медиа орталығында бул өлшемлерге бәсекиге шыдамлылық, креативлик ҳәм психологиялық тәсир көрсетиў усыллары қосылды. Ҳәзирги күнде көплеген хабарлар “шоу-элемент”лер менен байытылған. Әсиресе, телевидение ямаса интернет-телеканаллар, YouTubе, TikTok сыяқлы платформаларда мағлыўматты бериўде тәсиршеңликке сүйенбекте. Мәселен, “Миллар” сыяқлы бағдарламалар актёрлық шеберликти иске қосады, сахналастырылған драмалық жағдайлар арқалы инсанды сезимге алып киреди. Сол арқалы тамашагөйди видеониң ақырына шекем услап турыўға умтылады.

Бундай усыллар, бир жағынан, аудиторияны информацияға тартыў қуралы сыпатында нәтийжели. Бирақ, бул хабардың мәнисин бузбаўы керек. Журналистикада хабар ўақыяның нусқасы, театр сахнасы емес.

Бүгинги күнде информацияның кеўил ашар бағдары да күшейген. Әсиресе, блогерлер ҳәм социаллық тармақларда белсенди болған контент жаратыўшыларда айқын көзге тасланады. Олар өз аудиториясын тийкарынан эмоция, ҳәм субъектив таллаў менен өзине тартады. Бундай формалар мағлыўмат жеткериўден көре, эмоционаллық тәсир етиўге арналған.

Бирақ журналистиканың тийкарғы мақсети – болған ўақыяны қалыс сәўлелендириў. Соның ушын кеўил ашар контент пенен ҳақыйқый хабар арасындағы шегара сақланыўы зәрүр.

Информацияны тартымлы жеткериў – журналистлик көркем өнер, бирақ бул көркем  өнер ҳақыйқатты маскировкалаў емес, ал оны және де түсиникли ҳәм қабыл етилетуғын формада бериўге хызмет етиўи керек. “Миллар” ямаса блогерлер усылындағы эмоционаллық, драмалық қатнаслар айырым жағдайларда орынлы болыўы мүмкин. Бирақ ҳәр қандай жағдайда да журналист өз ўазыйпасын умытпаўы керек. Ҳақыйкатлықты анықлаў ҳәм оны қалыс, анық, оператив түрде жәмийетке жеткериў тийкарғы ўазыйпа.

Журналистика тек ғана информация жеткериў емес, ал социаллық жуўапкершилик болып есапланады. Хабарлар жәмийеттиң санасын қәлиплестиреди,  пикирлердиң бағдарын белгилейди. Соның ушын ҳәр бир хабардың сапа дәрежеси тек журналисттиң емес, ал пүткил жәмийет раўажланыўының өлшеми болып табылады.

Дилдора ДЎСМАТОВА

ӨзА