“Ең уллы, ең әзиз” республикалық таңлаў жеңимпазлары анықланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 10-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң тийисли мәжилис протоколының орынланыўы шеңберинде “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” бас идеясы тийкарында “Ең уллы, ең әзиз” таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими салтанатлы түрде өткерилди.
Илаж Өзбекстан Журналистлер аўқамының шөлкемлестириўинде, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Кинематография агентлиги, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси, Республикалық “Сүўретлеў айнасы” дөретиўшилик аўқамы, Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Жаслар ислери агентлиги әнжуманлар залында болып өткен салтанатлы мәресимде журналистлер, шайыр ҳәм жазыўшылар, дөретиўшилер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
“Ең уллы, ең әзиз” дәстүрий таңлаўы шөлкемлестириў комитетиниң баслығы, Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы. Халмурат Салимов илажда шығып сөйлеп, таңлаў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди.
– Таңлаўымызға усынылған дөретиўшилик жумыслар рәңбәрең, ҳәр қыйлы жанрларда, – деди Халмурат Салимов. – Олардың арасында ғәрезсизлик жыллары, әсиресе кейинги 8-9 жыл ишинде әмелге асырылған реформалардың нәтийжелери, жаңа Өзбекстан идеясы, Үшинши Ренессанстыӊ тийкарын жаратыў жолында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелерине бағышланған материалларды да көриўимиз мүмкин. Сондай-ақ, жәмийетимиздеги жетискенликлер ҳәм машқалалар, алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалар және оларды шешиў жоллары сәўлелендирилген дөретиўшилик жумыслар да орын алған.
Быйылғы таңлаўда дөретиўшилик жумыслар төмендеги 7 номинация бойынша қабыл етилди. “Баспа ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ең жақсы журналистлик жумыслары”, “Телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң ең жақсы материаллары”, “Интернет-журналистика”, “Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап”, “Жазыўшы ҳәм шайырлардың ең жақсы көркем шығармалары”, “Сүўретлеў өнери, фото ҳәм дизайн жумыслары”, “Кино көркем өнери шығармалары” сыяқлы номинациялар солардың қатарына киреди.
Быйыл “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” идеясы астында өткерилген “Ең уллы, ең әзиз” дәстүрий таңлаўының республикалық басқышына 7 номинация бойынша 366 дөретиўши – журналистлер, жазыўшы ҳәм шайырлар, кино ҳәм сүўретлеў көркем өнери, фото ҳәм дизайн бағдарындағы дөретиўшилерден 1 мың 900 ден аслам дөретиўшилик жумыс усыныс етилген.
Төрешилер қурамы ағзалары усынылған жумысларды бес баллық система тийкарында баҳалады. Онда теманың әҳмийетлилиги, “Жаңа Өзбекстан” идеясының сәўлелениўи, аналитикалық, шығарманың көркемлик қунлылығы, ғәрезсизлик идеясының сәўлелениўи ҳәм талқылаўдың өзине тәнлиги сыяқлы нормаларға айрықша итибар қаратылды. Жеңимпазларды анықлаў процесинде сын көзқарастан таллаў руўхындағы материалларға айрықша итибар берилди.
Атап өтилиўинше, “Ең уллы, ең әзиз” таңлаўының “Баспа ҒХҚ хызметкерлериниң ең жақсы журналистлик жумыслары” номинациясында 79 журналист өзиниң 474 дөретиўшилик жумысы менен қатнасты. Итибарлы тәрепи – таңлаўда қатнасыўшылардың саны артыўы менен олардың дөретиўшилик жумысларының сапасы да жоқарылаған. Жеңимпазлыққа талабанлардың көплиги төрешилер қурамы ушын ең мүнәсиплерди сайлап алыўда белгили бир қыйыншылық туўдырғаны тәбийғый. Соған қарамастан, абырайлы төрешилер қурамы терең ҳәм қалыс қатнас жасап, ең жақсы дөретиўшилик жумысларды таңлап, мүнәсип жеңимпазларды анықлады.
Көркем публицистика – жәмийетте жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий, мәдений-ағартыўшылық процесслерге, сондай-ақ, дүнья регионларында жүз берип атырған ҳәм инсанның сана-сезими, дүньяқарасы ҳәм турмыс тәризине тәсир көрсетип атырған ўақыя-ҳәдийселерге тез жуўап бериў арқалы мүнәсибет билдиретуғын дөретиўшилик ой-пикирдиң жемиси болып табылады. Бул жанрда дәўирдиң социаллық ҳәм руўхий-әдеп-икрамлылық көриниси, жетискенликлери ҳәм машқалалары, жәмийет алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм оларды шешиў жоллары анық-айдын көрсетиледи. Усы мәниде, көркем публицистиканы дәўирдиң социаллық жылнамасы деп атаў мүмкин.
Таңлаўдың “Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын” номинациясында быйыл өткен жылға салыстырғанда көбирек – 25 дөретиўши қатнасты. Олардың арасында тәжирийбели устаз журналистлер де, жас дөретиўшилер де бар екенлиги қуўанышлы. Ең әҳмийетлиси, усынылған китаплар арасында руўхый ғәзийнемизге айланыўға арзыйтуғын дүрдана шығармалар бар.
– Ҳәзир дөретиўшилердиң ҳаўазы ҳәр қашанғыдан да бәлент жаңламақта, – деди Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, белгили шайыр, “Ең уллы, ең әзиз” республикалық таңлаўының “Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын” номинациясының жеңимпазы Зульфия Мўминова. – Дөретиўшилердиң жумысы мәмлекетимиз басшысының турақлы итибары ҳәм ҳүрметинде болып келмекте. Бул итибар дөретиўшилерге үлкен жуўапкершилик те жүклейди.
Таңлаўдың “Телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң ең жақсы материаллары” номинациясы бойынша 77 дөретиўшиден 462 ға шамалас дөретиўшилик жумыс усынылды. Бул материаллар түри ҳәм мазмуны жағынан ҳәр қыйлы болып, оларда реформалардың нәтийжеси, аймақлардағы жаңаланыўлар, дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, сондай-ақ, “Инсан қәдири ушын” идеясының турмыслық көриниси анық мысаллар тийкарында сәўлелендирилди. Телерадиоматериалларда бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелери – ғәрезсизликти беккемлеў, турақлылықты тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин улығлаўға хызмет ететуғын темалар тәсиршең түрде сәўлелендирилгенин айрықша атап өтиў керек.
Мәлим болыўынша, быйыл таңлаўдың “Интернет-журналистика” номинациясында 81 дөретиўши қатнасты. Төрешилер қурамы усы номинация бойынша усынылған 486 дан аслам ҳәр қыйлы жанрдағы материалларды көрип шықты. Қуўанышлы тәрепи, таңлаўда тек ғана журналистлер ҳәм еркин дөретиўшилер емес, ал блогерлер ҳәм мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме хызметлериниң хызметкерлери де қатнасты. Олардың арасында ӨзАның хабаршысы Насиба Зиёдуллаева да бар екенлиги қуўанышлы.
Таңлаў қатнасыўшылары усынған материалларда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси кеңнен сәўлелендирилди. Соның менен бирге, жәмийетимизде ушырасып туратуғын машқалалар да тилге алынып, олардың себеплери терең таллаў тийкарында ашып берилди.
Илажда көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған нама-қосықлар барлық қатнасыўшыларға байрам кейпиятын бағышлады.
Назокат Усмонова, ӨзА
Алимурод Мамадаминов (сүўрет),
ӨзАның хабаршылары