Субсидия ҳәм грант қаржыларынан қалай пайдаланылмақта? (+видео)

Бүгинги күнде аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды шешиў ҳәм мәмлекетимизде болып атырған реформалар процесинде пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын арттырыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Ҳәзирги күнге шекем тараўға байланыслы 200 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, мәмлекетлик емес сектордың ҳуқықый кепилликлери жаратылған. Атап айтқанда, “Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының кепилликлери ҳаққында”ғы нызамда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар түринде қоллап-қуўатлаўы мүмкин екенлиги нәзерде тутылған.
Жақында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў мәселелери комитети тәрепинен усы нызамның 11-статьясының Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларындағы орынланыўы қадағалаў-таллаў тәртибинде үйренилди. Бул үйрениў жуўмақлары комитеттиң кеңейтилген мәжилисинде додаланды.
Мәжилисте атап өтилгениндей, усы жылдың 1-июль жағдайына Наўайы ўәлаятында жәми 504 МКШ Әдиллик басқармасынан дизимнен өткен. 2025-жылы Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының Наўайы ўәлаятлық бөлимине мәмлекетлик грантқа 1 миллиард 191 миллион 657 мың сум, мәмлекетлик субсидия ушын 2 миллиард 554 миллион 170 мың сум ажыратылғаны айтып өтилди.
Қашқадәрья ўәлаятында 1-август жағдайына жәми 598 МКШ Әдиллик басқармасынан дизимнен өткен. Фондтың Қашқадәрья ўәлаятлық бөлимине мәмлекетлик грант ушын 310 миллион сум, мәмлекетлик субсидия ушын 3 миллиард 837 миллион 300 мың сум қаржы ажыратылғаны атап өтилди.
Депутатлар нызамның орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар менен бирге, грант жойбарларын әмелге асырыў процесинде олардың даўамлылығын тәмийинлеў мәселесинде жергиликли шөлкемлер ҳәм халық пенен нәтийжели интеграцияға жетерли итибар қаратылмағанын атап өтти. – Ҳәр еки ўәлаяттағы үйрениўлеримиз даўамында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысы менен таныстық, – дейди комитет ағзасы Имомназар Турсунов. – Ажыратылған субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар түриндеги қаржылардан мақсетли пайдаланыў жағдайына итибар қараттық. Бәринен бурын, бул қаржылар жәмийеттеги социаллық орталықты жақсылаў, халықтың абаданлығын тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, майыплығы болған пуқараларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, жаңа туўылған нәрестелерди сақлап қалыў, көшелерди жақтыландырыўлар менен тәмийинлеў сыяқлы мақсетлерге ажыратылған. Бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар менен таныстық. Соның менен бирге, қаржылардың нызамсыз жумсалғаны ямаса белгиленген ўақтында ажыратылмағаны сыяқлы кемшиликлер де бақланды.
Додалаўларда мәмлекетлик грант таңлаўларын жәриялаўда социаллық тараўдағы әҳмийетли машқалаларды шешиўге итибарды күшейтиў, қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырып атырған МКШлар ушын жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин таярлаў қәрежетлерин келешектеги грант ҳәм субсидия таңлаўларының шәртлерине айрықша бәнт сыпатында киргизиў бойынша зәрүр усыныслар берилди.
Соның менен бирге, ҳәр бир грант жойбары ушын қаржы есабатларын Бирден-бир электрон платформа арқалы усыныў системасын енгизиў, грант қаржыларынан нәтийжели, мақсетли ҳәм ашық-айдын пайдаланыў бойынша МКШлар ушын турақлы тәжирийбе арттырыў курсларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Муҳтарама Комилова,
Дониёр Ёқубов, Анвар Аҳмедов (видео),
ӨзА