Нефть-газ тармағында санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллект кеңнен енгизилмекте

117

Кейинги жыллары пүткил дүньяда жасалма интеллект технологиялары барлық тараўларда жедел енгизилмекте. Әсиресе, нефть-газ тармағы сыяқлы қыйын ҳәм қәўипли тараўларда өндирис нәтийжелилигин арттырыў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм процесслерди оптималластырыўда бул технологиялар үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимизде де бул бағдарда избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. “Өзбекнефтьгаз” АЖ мәлимлеме хызметиниң басшысы Мўмин Ибодовтың атап өткениндей, бул шөлкемде глобал санластырыў тенденцияларына сәйкес түрде жумыс алып барылмақта.

– Кәнлерде алып барылып атырған излеў жумысларында геологиялық, геофизикалық ҳәм гидродинамикалық мағлыўматларды таллаў ушын заманагөй шешимлер енгизилмекте, – деди М.Ибодов. – Мәселен, “Pipesim”  қатлам системалары модельлери, “ProSource” мағлыўматлар базасы ҳәм E-KON платформасы менен интеграцияланған “Generative AI chat-bot” ислеп шығылды.

Бул система қәнигелерге оператив ҳәм анық аналитикалық жуўмақлар таярлаў имканиятын жаратады. Хызметкерлердиң күнделикли жумысын жеңиллетиў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде “Microsoft 365” программалық тәмийнаты ушын лицензиялар сатып алынған. Буның нәтийжесинде олар мағлыўматты қайта ислеў, ўазыйпаларды орынлаў ҳәм “Microsoft Copilot” хызметлеринен пайдаланыў имканиятына ийе болды.

Жәмәәтлик жумыс процесслерин және де нәтийжели шөлкемлестириў бойынша дәслеп “ChatGPT Team” кейин ала болса “ChatGPT Enterprise”  платформасын енгизиў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта биз нефть ҳәм газди қазып шығарыў және қайта ислеў процесслерин басқарыўда “Primavera P6 EPPM” системасына толық өтип атырмыз. Бул система тийкарында жойбарлар үстинен бирден-бир қадағалаў орнатыў, қәрежетлерди анық есапқа алыў ҳәм CIC + AI Analytics + Primavera сыяқлы имканиятлар менен қәўип-қәтерлерди алдыннан басқарыў мүмкин. Соның менен бирге, қурылыс майданларындағы мағлыўматлар реал ўақыт режиминде талланып, жумыслардың барысы автомат түрде баҳаланады. Бул кешигиўлерди азайтып, басқарыў қарарларын жасалма интеллект тийкарында қабыл етиў процесин жетилистиреди.

Сондай-ақ, өндирис обектлериниң санлы егизеклерин жаратыў ҳәм жасалма интеллект анализи тийкарында процесслерди оптималластырыў мәселелери де үйренилмекте. Бул қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў ҳәм жумыс өнимдарлығын арттырыўда әҳмийетли.

Әҳмийетлиси, биз хызметкерлеримиздиң санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект шешимлеринен нәтийжели пайдаланыўы ушын оқыў курсларын шөлкемлестирип атырмыз. Бул олардың маманлығын заман талапларына сәйкес түрде раўажландырыў имканиятын береди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА